Усы жылы 30-январь күни өткерилген презентацияда компанияның операциялық нәтийжелилигин арттырыў, финанслық турақлылығын тәмийинлеў, геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў ҳәм углеводород резервлерин көбейтиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленген еди.
Бүгин мәмлекетимиз басшысына усы ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бәринен бурын, қәрежетлерди оптималластырыў илажлары ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, компания орайлық аппаратының шөлкемлестириў структурасы қайта көрип шығылып, оптималластырылмақта. Өндирислик хызметлер, товарлар ҳәм материаллар, сондай-ақ, жумысты бөлип алып ислеў жумысларының баҳаларын қайта көрип шығыў, кредит портфелин тәртипке салыў жумыслары басланды. Қәнигелестирилмеген активлер басқарыўдан шығарылады.
Дебитор қарыздарлықты қысқартыў бойынша системалы жумыслар жолға қойылғаны атап өтилди.
Геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў ҳәм углеводород резервлерин көбейтиў мәселелерине де тоқтап өтилди. Атап айтқанда, 2026-2027-жылларда бир қатар аймақларда жаңа майданларда излеў жумысларын күшейтиў, 3D сейсморазведка көлемин кеңейтиў ҳәм қудықлардың қурылысын жуўмақлаў режелестирилген. Сондай-ақ, усы жылдың январь-февраль айларында 2 жаңа газ-конденсат кәниниң ашылғаны мәлим етилди.
Компанияның стратегиялық раўажланыўы шеңберинде форензик аудит өткериў, сатып алыў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў, ESG принциплерин енгизиў ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында есабат таярлаўды жеделлестириў режелестирилген.
Президентимиз белгиленген ўазыйпа ҳәм илажлардың орынланыўын анық есап-санақ, қатаң тәртип-интизам ҳәм жеке жуўапкершилик тийкарында тәмийинлеў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.