Мәмлекетимиз басшысына Әндижан ўәлаяты Бабур қаласында қурылатуғын архитектуралық ансамбль қурамында уллы мәмлекетлик ғайраткер, сәркарда ҳәм шайыр Заҳириддин Муҳаммед Бабурға бағышланған саўлатлы естелик орнатыў жойбары таныстырылды.

Уллы бабамыздың естелигин мүнәсип қәдирлеў, оның бай илимий-әдебий мийрасын, мәмлекетшилик ой-пикирин ҳәм дүнья цивилизациясына қосқан шексиз үлесин жас әўладқа терең жеткериў мақсетинде бул естеликти айрықша мазмун ҳәм көркем шешим тийкарында жаратыўға үлкен итибар берилмекте.

Президентимизге болажақ естеликтиң эскизлери, композициялық шешими ҳәм Бабур тулғасын сәўлелендириў бойынша илимий-көркем қатнаслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Атап өтилгениндей, уллы тарийхый шахс образы елимиз илимпазлары тәрепинен сырт елли кәсиплеслер менен биргеликте алып барылған изертлеўлер, көплеген тарийхый дереклер, қолжазбалар, миниатюралар ҳәм мәдений мийрас үлгилерин терең үйрениў тийкарында жаратылмақта.

Соның менен бирге, Президентимиздиң Пакистанға мәмлекетлик сапары шеңберинде Исламабад қаласындағы бағлардан бирине Заҳириддин Муҳаммед Бабур аты берилген еди. Бул бағда да уллы бабамызға орнатылатуғын естелик жойбары көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы естеликлерди жаратыўда Заҳириддин Муҳаммед Бабурдың тымсалын тек ғана уллы жазыўшы ҳәм шайыр емес, ал шебер сәркарда, қүдиретли мәмлекеттиң тийкарын салыўшы ҳәм данышпан ҳүкимдар сыпатында терең ашып бериў зәрүрлигин атап өтти. Оның ерк-ықрары, мәмлекетшилик потенциалы, жоқары мәнаўияты ҳәм дөретиўшилик идеялары естеликтиң улыўмалық келбетинде айқын көринисин табыўы керек екенлиги атап өтилди.

Президентимизге Әбиў Райхан Беруний атындағы халықаралық мектеп-интернатының материаллық-техникалық базасын жетилистириў, Бухара қаласында туризм ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, районлардағы мәденият үйлерин модернизациялаў бойынша ислеп шығылып атырған жойбарлар ҳаққында да мәлимлеме берилди.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды және де жетилистирип, алдынғы тәжирийбе тийкарында пуқта ислеп шығыў бойынша көрсетпе берди.