Таңлаў жеңимпазлары тек ғана өз кәсибиниң жетик ўәкиллери емес, ал меҳир, жуўапкершилик ҳәм садықлық тымсалы сыпатында да тән алынады.

Быйыл да "Ең белсенди социаллық хызметкер" таңлаўы мине усындай жақсы пазыйлетлерди өзинде жәмлеген тараў ўәкиллерин анықлаўға хызмет етти. Таңлаў процесинде қатнасыўшылардың әмелий жумыслары, халық пенен ислесиў нәтийжелилиги, интакерлиги ҳәм машқалаларды шешиўдеги қатнасына айрықша итибар қаратылды. Жеңимпазлар тек ғана жоқары нәтийжелери менен емес, ал инсан тәғдирине бийпәрўа болмағаны менен де ажыралып турды. Аймақлық таңлаў басқышында жеңимпаз болған 14 қатнасыўшы таңлаўдың республикалық басқышында тест, сәўбетлесиў ҳәм KPI көрсеткишлери тийкарында баҳаланды. Ең жоқары балл топлаған қатнасыўшы биринши орынды ийеледи. 5 қатнасыўшы болса номинациялар тийкарында сыйлы орын ийелери деп табылды.

Ал, олар қандай ислери менен ажыралып турды? Тийкарынан қайсы басламалары итибарға ийе болды? Әпиўайы адамлардың турмысына қандай тәсир көрсете алды?

Ең белсенди болыў ушын қалай ислеў керек?

— 2024-жылдан баслап социаллық хызметкер лаўазымында ислеп келмектемен. Бул ўазыйпа маған, бәринен бурын, абырайлы, машақатлы, соның менен бирге саўаплы жолда екенимди аңлатты. Жумысым даўамында аўыр социаллық жағдайға түсип қалған пуқаралар менен ислесемен. Олардың машқалалары, қызығыўшылықлары ҳәм умтылысларынан келип шығып, жәмийетте өз орнын табыўына жәрдемлесемен, — дейди 1-орын ийеси Нафиса Пўлатова. — Мәҳәллемиздеги Саидабону әззи еситетуғынлар арнаўлы мектеп-интернатының 1-класына баратуғын еди. Әкеси 3 жыл алдын қайтыс болған, анасы тигиўшилик пенен шуғылланады, шаңарақта оннан тысқары және 3 перзент бар. Саидабону менен анасының жәрдеминде сөйлескенимде ол да саламат балалар сыяқлы ҳәр күни шаңарақ қушағында болыўды қәлейтуғынын айтты. Интернатта жатып қалыў, дем алыс күнлери ғана үйге барыўдан бийзар болған екен. Соннан кейин анасына мектеплерде инклюзив билимлендириў жолға қойылғаны ҳаққында айтып, Саидабонуды жасаў аймағына жақын, аға-апалары билим алып атырған мектептеги инклюзив билимлендириўге тарттым. Оған еситиў қуралы берилди. Енди ол мектепке өзи қәлеп барады, еситиў қәбилети де тикленбекте. "Мәҳәлле жетилиги" менен бирге бул шаңарақтың турмыс дәрежесин жақсылаўға да еристик. Анасына субсидия тийкарында тигиў машинасы берилди. Үлкен перзентлери де илим ҳәм спорт дөгереклерине тартылды. Саидабонуды болса қызығыўшылығына қарай, аяқ ойын дөгерегине бағдарладық.

Нафиса Пўлатованың жетискенлиги сонда, ол ҳақыйқатында да басқалардан көбирек мийнет етти ҳәм көплеген шаңарақлардың социалласыўына ерискен. Соның ишинде, ол себепли "Жедел турмысқа қәдем" бағдарламасы шеңберинде мәҳәлледеги 2 пуқара медициналық-социаллық реабилитация хызметлерине тартылды. Майыплығы болған 8 адам адаптив спортқа бағдарланды. Айрықша билимлендириўге мүтәж, майыплығы болған 2 бала биринши мәрте инклюзив билимлендириўге тартылды. Бир жетим бала жеңиллетилген тийкарда дөгереклерге бармақта. Майыплығы болған 4 шахстың бәнтлиги тәмийинленди. Күш көрсетиў ҳәм зорлыққа ушыраған 3 ҳаял ҳәм перзентлерине қорғаў ордерин алыў, бирлемши жәрдем бөлмелери ҳәм ҳаял-қызларды реабилитациялаў орайынан пайдаланыўда жәрдемлести.

Ҳаял-қызлар ҳуқықларының қорғаўшысы

— Бир шаңараққа барғанымда ана ҳәм қызы жүдә түскин жағдайда еди, — дейди самарқандлы социаллық хызметкер, "Ҳаял-қызлар ҳуқықларының қорғаўшысы" бағдарының жеңимпазы Лобархон Шаптакова. — Қызға өгей әкеси зорлық еткен. Биринши гезекте, зорлық етиўшини бул шаңараққа жақынлатпаўға киристим. Бул жумысқа "мәҳәлле жетилиги"нен профилактика инспекторы, ҳаял-қызлар белсендиси, қалаберсе, көше басшылары, нураныйларды тарттым. Қоңсыларды да шақырдық. Қызға қорғаў ордери берилди. Зорлаўшыға болса қылмысының ақыбети қандай болатуғыны түсиндирилди. Мине, ҳәзирше өгей әке оларды тынышландырған жоқ. Қыз жеңил дәрежели ақыл кемшилиги бойынша дизимде турады. Арнаўлы мектепте оқыйды. Оған психолог бириктирдик. Қәниге оның менен үш ай қунт пенен ислести, қыздың өмирге қызығыўшылығын арттырды. Ҳәзир оның көзлери күлип турады. Спортқа, рус тилин үйрениўге қызығыўшылығын айтып, жаслар жетекшисине жолладық. Жазғы дем алыста "Жаслар дәптери"нен субсидия ажыратып, оны спортқа, қосымша сабақларға тартамыз. Қулласы, келешекте қызымыз қандайда бир кәсиптиң ийеси болыўы ушын ҳәрекет етип атырмыз. Себеби бул шаңарақта ул перзент жоқ. Үлкен қыз шаңарақта шараят жетиспеўшилиги себепли апасы менен жасайды. Оны да шақыртып, қызығыўшылықларын сорадым. Колледжди тамамлап, жумысқа кирмекши екенлигин айтты. Компьютерди үйрениўди қәлегени ушын инклюзив билимлендириўге алып кирдик. Компьютер технологиялары бойынша қәниге таярлайтуғын курста оқып атыр. Сертификат алғаннан кейин жумысқа жайластырмақшымыз. Бул да шаңараққа қосымша дәрамат болады.

Ең жақсы балалар қорғаўшысы

Мәҳәллесинде 1170 шаңарақ болған наўайылы социаллық хызметкер Айша Каримова "Ең жақсы балалар қорғаўшысы" деп табылды. Ол социаллық реестрде туратуғын 105 шаңарақ пенен ислеседи. Ҳәр қыйлы темадағы мүрәжатлар, шаңарақларды үйрениў ушын индивидуал ислеўден тысқары, социаллық реестрдегилер, қәўендерликке алынған балалар менен де шуғылланыўы керек. Буннан тысқары, ҳәптесине 3 мәрте майыплығы болған пуқаралардың перзентлерине инглис тилинен сабақ берип келмекте. Оннан жумысындағы ең тәсирли ўақыялар ҳаққында сорағанымызда 17 жыл даўамында қәдирсизленген қыздың ҳуқықын тиклеў жолындағы ҳәрекетин айрықша еске алды.

Қыз 17 жасына шекем билимлендириўден пүткиллей шетте қалған, шахсын тастыйықлайтуғын бирде-бир ҳүжжети жоқ. Ең ашынарлысы, ата-анасы да оны перзент сыпатында қабыл етпеген. Соның ушын қыз апасының қолында қәўендерлик ямаса қәўендерлик белгиленбеген ҳалда жасап келген. Және бир жағдайда ата-ана 6 жасар қызы ҳәм 8 айлық нәрестени аўыр шараятта, жасаў имканияты болмаған жерге таслап кеткен. Балада руўхый-эмоционал жағдай күшли екени анықланған. Оның менен 7 ай даўамында ислеп, қәўендерлик белгиленген. Психологиялық хызмет көрсетилгеннен соң, мектепке таярлаў топарына тартылған.

— Мине, усындай ўақыялар себепли тийкарғы итибарды балалар менен ислесиўге қаратқанман, — дейди пидайы хызметкер. — Себеби қараўсыз, қадағалаўсыз қалдырылған бала ашыўшақ болып өседи. Имканияты болғанынша қадағалаўсыз, руўхы түскен балалардың социалласыўына ҳәм шахс сыпатында тән алыныўына себепши болып атырғанымнан қуўанышлыман. Мәҳәллелерде социаллық хызметкер ушын штат бирлиги ажыратылып, оларға қаншадан-қанша қаржы қаратылып атырғанының өзи инсан қәдирин улығлаў, негизинде.

Қаҳарманларымыздың ҳәр бири ҳүрметке, итибарға мүнәсип. Биз олардың ҳәммеси ҳаққында бир мақалада гүрриң ете алмадық. Бирақ бир ғана белсенди, пидайы хызметкердиң жетискенлиги де басқаларды ҳәрекетке келтириўи, ҳәммеге илҳам дәреги болыўы мүмкин. 

Муножат МЎМИНОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы