Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов ҳәм белгили мәденият хызметкерлери шығып сөйлеп, көркем өнер шеберлериниң дәстүрлерин даўам еттириў ҳәм жаңа ҳаўазларды жаратыўдың әҳмийетине тоқтап өтти.

Ашылыў бөлими ел сүйген қосықшылардың нама ҳәм қосықлары менен байрам бағдарламасына айланып кетти.

Таңлаўда елимиздиң көпшилик аймақларынан келген 60 қа шамалас жас ҳәм үмитли атқарыўшылар Отажон Худойшукуров репертуарындағы ҳәм миллий классикалық қосықларды атқарып, өз шеберликлерин көрсетти.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери бүгин районда жаңадан бой тиклеген Отажон Худойшукуров атындағы амфитеатрдың салтанатлы ашылыў мәресиминде мүнәсип сыйлықланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.