29-апрель жаңадан қурылған заманагөй насос станциясының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти. Илажда Суў хожалығы министрлиги, район ҳәкимлигиниң жуўапкерлери, нураныйлар, фермерлер ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Мәресимде атап өтилгениндей, Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында әмелге асырылып атырған бул жойбар аймақтың инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, санитариялық жағдайды жақсылаў ҳәм халық ушын қолайлы жасаў шараятларын жаратыўда әҳмийетли орын ийелейди. Насос агрегатларының орнатылыўы нәтийжесинде райондағы бир ярым  мың халықтың 210 гектар қыйтақ жер майданлары, 2,8 мың гектар суўғарылатуғын жерлер ҳәм 3,5 мың гектар жайлаў майданларын ағын суў менен тәмийинлеў имканияты және де жақсыланады.

Бул жумысларға қурылыс басынан жәми 13.2 млрд. сум қаржы жумсалды. Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы тәрепинен агрегатлар саз жағдайда сақланып, аймақтың суўға болған талабын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Дерек: Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Қарақалпақстан хабар агентлиги.