Сонлықтан бүгинги күни ҳәким жәрдемшилерине үлкен ўазыйпалар жүкленип, бул бойынша республикамызда көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, республикамыз ҳүкимети тәрепинен олардың билим ҳәм ис-тәжирийбесин арттырыўға да айрықша итибар қаратылып келинбекте.

Жақында Қарақалпақстан Республикасының ҳәким жәрдемшилери өзлериниң ис-тәжирийбелерин еле де жоқарылатыў мақсетинде, Әндижан ўәлаятында болды.

Хызмет сапары даўамында республикамыз ўәкиллери ўәлаятта әмелге асырылып атырған алдынғы ҳәм инновациялық жойбарлар,

исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм инфраструктураны жақсылаў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысып, әндижанлы кәсиплеслери менен өз-ара пикирлести.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.