Қарақалпақстанның Қанлыкөл районында жайласқан "Алтынкөл" мәкан пуқаралар жыйыны да мине усындай пайызлы, адамлары татыў ҳәм мийнеткеш мәҳәллелерден. Бүгин мәҳәлледе 4500 ге шамалас халық жасап, тийкарынан дийқаншылық ҳәм шарўашылық пенен шуғылланады. Мәҳәллениң социаллық турмысында болса нураныйлардың орны ҳәм абырайы айрықша әҳмийетке ийе.

Әсиресе, "Бир нураный он жасқа жуўапкер" принципиниң турмысқа енгизилиўи мәҳәлле системасында пүткиллей жаңа тәжирийбени қәлиплестирди. Бул баслама арқалы кекселердиң турмыслық тәжирийбеси ҳәм руўхый мийрасы жас әўладтың тәрбиясында өзине тән үлги болмақта. Соның ишинде, жасларды ҳәр қыйлы унамсыз тәсирлерден сақлаў, оларда мийнет сүйгишлик, ўатансүйиўшилик ҳәм шаңарақлық қәдириятларды беккемлеўге хызмет етпекте.

Алтынкөл мәҳәллесинде бул ийгиликли мақсетлерди әмелге асырыўда пидайылық көрсетип атырған нураныйлар арасында Караматдин Узақбергеновтың орны айрықша. Мәҳәлле халқы бул инсанды мийнет сүйгишлиги, белсендилиги ҳәм интакерлиги менен жақсы таныйды. Ол тек көше ақсақалы емес, ал мәҳәллениң руўхый таянышы сыпатында да үлкен ҳүрметке ийе.

Караматдин узақ жыллық турмыслық тәжирийбесин жаслар тәрбиясына бағышлап келеди. Ол мәҳәлледеги ҳәр бир шаңарақ пенен турақлы сөйлесип, халықтың турмыс тәризи, машқалалары ҳәм талаплары менен қызығады. Нураный сыпатында шаңарақлардағы аўызбиршиликти беккемлеў, ерте некелердиң алдын алыў, туўысқанлық қатнасықларын қәстерлеп сақлаў ҳәм жасларға дурыс жол көрсетиўде жәмийетшилик тийкарында белсене қатнасып келмекте.

– "Бир нураный он жасқа жуўапкер" принципи тийкарында өзимизге бириктирилген жаслардың шаңарақларына барып, қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, агротехникалық илажларды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў бойынша әмелий мәсләҳәтлер берип келемиз. Бул болса жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, шаңарақлық дәраматты көбейтиў ҳәм исбилерменликке қызығыўшылықты арттырыўда жүдә әҳмийетли, - дейди Караматдин ата Узақбергенов. - Соның менен бирге, бүгинги мәлимлеме ағымы күшейген дәўирде ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм тийисли шөлкемлер менен биргеликте жаслар арасында ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў, интернеттен ақылға уғрас пайдаланыў мәдениятын қәлиплестириў бағдарында түсиндириў жумысларын да турақлы өткерип атырмыз.

Ҳақыйқатында да, мәҳәлле системасы тек ғана ҳәкимшилик структура емес, ал инсан тәғдири, тәрбия, мәнаўият ҳәм аўызбиршилик мәканы болып есапланады. Оның беккемлиги болса көп тәреплеме нураныйлардың пидәкерлик мийнети ҳәм жәмийетлик жумыслардағы қатнасына байланыслы. Турмыслық тәжирийбеге ийе кекселер жаслар ушын ибрат мектеби ўазыйпасын атқарады. Олар айтқан ҳәр бир нәсият, берилген ҳәр бир мәсләҳәт жас әўладтың камалға келиўине хызмет етеди.

Мийнеттен бахыт тапқан ана

Жерден ырысқы өндирип, ел абаданлығы жолында хызмет етип атырған инсанлар - жәмийетимиздиң таянышы. Аўыл хожалығында өз кәсибине ҳақыйқый ықлас қойғанлардан бири "Бескөпир жайлаў" өндирислик кооперациясының баслығы Гулистан Аралбаева. Ол 2020-жылдан берли билим ҳәм тәжирийбесин аўыл хожалығын раўажландырыў, халықты арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў жолында хызмет етип келмекте.

Гүлистан апа тек ғана өндирис пенен шекленип қалмастан, халықаралық жойбарларда да белсене қатнасып келмекте. Оның басламасы менен 2014-жылы электр тәмийнаты төмен болған Ноғай ҳәм Мүйтен елатлы пунктлерине трансформаторлар орнатылып, бир қатар аймақларға ишимлик суў тармақларының тартылыўы аймақ турғынларын жүдә қуўандырды. Сондай-ақ, инновациялық технологияларды енгизиў, ыссыханалар қурыў, пал ҳәррешиликти раўажландырыў, кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаўда да районда жетекши.

Шаңарақта мийўели терек ҳәм палыз егинлери егилген. Ерте бәҳәрден баслап жерге меҳир менен ислеў бериў, ыссыханадан нәтийжели пайдаланыў есабынан жыл даўамында өним алыўға ериседи. Әсиресе, ыссыханасында жетистирилген өнимлер базарға ерте шығарылып, халықты сапалы ҳәм тәбийғый өнимлер менен тәмийинлемекте. Сондай-ақ, шаңарақта пал ҳәррешилик де жолға қойылған.

Апа тийкарында узақ жыллар билимлендириў тараўында ислеп, жас әўлад тәрбиясына мүнәсип үлес қосқан. Қайсы жерде жумыс алып барса да, жәмәәтте аўызбиршилик, ҳүрмет ҳәм исеним орталығын қәлиплестирип келеди. Оның пидәкерлик мийнети мүнәсип баҳаланып, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2022-жылы "Шуҳрат" медалы менен сыйлықланған. Сондай-ақ, "Ибратлы қыйтақ жер ийеси" ҳәм "Ибратлы ҳаял" көкирек белгилерине мүнәсип көрилген.

Бүгин Гүлистан Аралбаеваның өмир жолы, ийгиликли жумыслары ҳәм ерискен жетискенликлери келешек әўладты жақсылық ҳәм мийнет сүйгишлик руўхында тәрбиялаўға хызмет етпекте. Ол перзентлерин ел-журтқа садық, мийнет сүйгиш инсанлар етип тәрбияламақта.

Алтынкөл жасларының жетискенликлери

Қанлыкөл районындағы "Алтынкөл" мәкан пуқаралар жыйынында 1014 ул-қыз дизимге алынған. Өткен дәўирде "Жаслар дәптери" арқалы 300 ден аслам жасқа социаллық, материаллық ҳәм руўхый жақтан ҳәр тәреплеме жәрдем берилди. Усындай жаслардың бири Нәўбәҳәр Хожамбергенова "Келешек кәсиплери" жойбары арқалы шет тиллерин үйрениў имканиятына ийе болды. Түрк тили бойынша арнаўлы сертификатты қолға киргизип, бүгин магистратура басқышында билимлендириўди табыслы даўам еттирмекте. Нәўбәҳәр сыяқлы өз билими ҳәм умтылысы менен үлги болып киятырған жаслар мәҳәлледе көп.

Президентимиздиң 2024-жыл 5-апрельдеги "Аўыл хожалығында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларға жер майданларын ажыратыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы қарары тийкарында 120 жасқа дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын жер майданы ажыратылған. Оннан үнемли пайдаланып, жоқары зүрәәт алған 2 жас "Мийнеткеш дийқан" көкирек белгиси менен сыйлықланған.

Жасларды заманагөй кәсиплерге үйретиў менен бирге, сырт елде қәниге сыпатында жумыс алып барыўын шөлкемлестириўге де айрықша итибар қаратылмақта. 2025-жылдан баслап Алтынкөл мәҳәллеси жасларын Германияға тәртипли миграция тийкарында жумысқа жибериў жолға қойылды. Бул бағдардағы жумыслардың даўамы сыпатында усы жылдың биринши ярым жыллығында 15 жигит-қыз зәрүр ҳүжжетлерди табыслы тапсырып, өз үстинде ислемекте.

- Жаслар жетекшиси сыпатында билим ҳәм тәжирийбемди арттырыў ушын көплеген таңлаўларда қатнасып келемен. Өткен жылдың жуўмақлары бойынша мәмлекет көлеминдеги ең белсенди 100 жаслар жетекшиси дизимине киргизилдим. Республика бойынша өткерилген "Ең үлгили жаслар жетекшиси" таңлаўында 2-орынды ийеледим, - дейди "Алтынкөл" мәкан пуқаралар жыйынындағы жаслар жетекшиси Саламат Айтбаев.

Дийқаншылықтағы тәжирийбе - мол дәрамат дәреги

Беруний районында жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлик жумысын раўажландырыў мақсетинде аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданлары 30 жылға ижара шәртнамасы тийкарында ажыратылмақта. Бул баслама жаслардың дийқаншылық жумысын жолға қойыўы, дәрамат дәреклерин жаратыўы ушын үлкен имканият жаратты.



Ажыратылған майданларда жаслар овош, палыз, собықлы егинлер жетистирип келеди. Онда оларға аграр тараў қәнигелери әмелий усыныслар берип, заманагөй агротехнологияларды енгизиў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм өнимдарлықты арттырыў бойынша жәрдемлеседи.

“Ибн Сино” мәҳәллесинде 8 жигит-қызға 10 сотихтан жер ажыратылған. Жаслар ҳәзир қабақ, палыз егинлерин тәрбиялап келеди. Майда шаншылған туқымнан сентябрьде өним жыйнап алыў мүмкин. Асқабақ ишки ҳәм сыртқы базарда да жоқары дәраматлы өним. Аз суў талап етиўи болса климат шараятына жүдә сай. Бул мәҳәллениң драйвери болған дийқаншылық бойынша жаслардың көнликпеси ҳәм тәжирийбеси жетерли.

"Тынышлық" аўыл пуқаралар жыйынында да жигирмаға шамалас жасқа 30 сотихтан 1 гектарға шекем жер ажыратып берилген. Бул жерде мәўсим даўамында 2 мәрте зүрәәт алынады. Ерте писер ғарбыз май айында плёнка астына егилип, ҳәзир ишки базарды тәмийинлеп келмекте.

Сондай-ақ, жаслардың аўыл хожалығы тараўындағы басламаларын қоллап-қуўатлаў, оларды жеңиллетилген кредит ҳәм субсидия менен тәмийинлеў, өнимлерин базарға шығарыў имканиятларын кеңейтиў бағдарында да тийисли илажлар көрилмекте. Бул ҳәрекетлер себепли район жасларының бәнтлиги тәмийинленип, исбилерменлик көнликпеси беккемленбекте ҳәм аймақтың экономикалық раўажланыўына мүнәсип үлес қосылмақта. Жаслар ушын жаратылып атырған бундай имканиятлар келешекте аўыл хожалығы тараўының және де раўажланыўы ҳәм халықтың абаданлығының артыўына хызмет етеди.

 

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы