Мәмлекетимиз басшысына туқым егиў, суўғарыў ҳәм ғаўашаны тәрбиялаўда қолланылатуғын технологиялар ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул жерде 2 мың 200 гектар майданға қос қатар усылында плёнка астына шигит егилип, суўғарыў толық тамшылатып суўғарыў системасы арқалы әмелге асырылмақта.
Плёнка топырақта ығаллықты ҳәм ыссылықты сақлаў, ғаўашаның ерте ҳәм бир тегис өниўин тәмийинлеўге жәрдем береди. Тамшылатып суўғарыў системасы арқалы суў ҳәм төгинлер тиккелей өсимлик тамырларына жетип барады. Нәтийжеде суўдың жумсалыўы 30-40 процентке, төгин дерлик 30 процентке азаяды. Дәстүрий усылда егилген атызларға салыстырғанда өним 10-15 күнге ертерек писеди.
Президентимиз жетистирилген пахта зүрәәти, агротехникалық жумыслардың шөлкемлестирилиўи менен танысты. Дәстүрий усылда бир гектардан 30-35 центнер пахта зүрәәтин алсақ, Синьцзян технологиясын қолланыў бул көрсеткишти 60-70 центнерге жеткериў имканиятын береди. Кәрхана атызларында өнимдарлық гектарына 55 центнерди, пахтаның жалпы өними 12,3 мың тоннаны қурамақта.
Дала ислеринде агродронлардан да пайдаланылады. Бул айырым агротехникалық илажларды әмелге асырыўды жеделлестириў ҳәм жанылғы жумсалыўын азайтыў имканиятын береди.
Қытай инвестициясының қатнасыўында шөлкемлестирилген «Qashqadaryo Jingu» агрокластери Косон, Нишон, Ғузар, Көкдала ҳәм Миришкор районларындағы 18,3 мың гектар майданды қамтып алған. Бул жерлердиң үлкен бөлеги бурын өзлестирилмеген шөл аймақлары ҳәм қараўсыз жерлер еди. Жойбарға 128 миллион доллар инвестиция киргизилип, 50 жумыс орны жаратылған. Экспорт көлеми 8,5 миллион долларды қурайды.
Усы жерде мәмлекетимиз басшысына ўәлаятта аўыл хожалығында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.