Бәринен бурын, сиз, әзизлерди Шығыстың шын мәнисиндеги гәўҳары болған әййемги Хийўа қаласында, Жәйҳун дәрьясының жағасында өткерилип атырған музыка ҳәм көркем өнер байрамы - "Ләзги" III халықаралық аяқ ойын фестивалының ашылыўы мүнәсибети менен қызғын қутлықлайман.
Пурсаттан пайдаланып, ЮНЕСКО ҳәм ТҮРКСАЙ сыяқлы абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң ўәкиллерине, сырт мәмлекетлердиң елшилерине, белгили көркем өнер ғайраткерлерине, илимпаз ҳәм қәнигелерге, фестивалдың барлық қатнасыўшыларына өзимниң терең ҳүрметимди билдиремен.
Бул әнжуманға басшылық етип атырған әемги ҳәм бийтәкирар Хорезм халқын айрықша қызғынлық ҳәм жақсы тилеклер менен қутлықлайман.
Мине, усындай гөззал бәҳәр күнлеринде "Ләзги" ҳаўазы астында өтип атырған фестиваль бәршемизге қуўаныш ҳәм илҳам бағышласын!
Қәдирли әнжуман қатнасыўшылары!
Үш мың жылдан аслам даңқлы тарийх ҳәм мәдениятқа ийе болған халқымыздың гөззал руўхы ҳәм терең сезимлерин әжайып сулыў ҳәрекетлер арқалы сәўлелендиретуғын бийбаҳа көркем өнер - "Ләзги" халықаралық аяқ ойын фестивалы түрли миллет ўәкиллериниң мәдений пикирлесиўи ушын нәтийжели майданға айланып атырғаны бәршемизди қуўандырады.
"Ләзги" - әсирлер даўамында жақсылық, гөззаллық, тынышлық ҳәм дослық идеяларын жырлап киятырған, Хийўаның бийик минаралары сыяқлы уллылық тымсалы болған классикалық музыкалы естелик болып есапланады.
Мине, усындай өзине тән қәсийетлери менен бул тәкирарланбас мәдений ҳәдийсе 2019-жылы ЮНЕСКО тәрепинен Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилген ҳәм дүньяда барған сайын ғалаба ен жаймақта.
Соның ишинде, кейинги жылларда Өзбекстан Миллий балет жәмәәти "Ләзги: жүрек ҳәм муҳаббат ойыны" балетин дүньяның ең абырайлы сахналарында табыслы көрсетпекте.
Ҳәзирги ўақытта Жаңа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Миллий аяқ ойын көркем өнерин раўажландырыў, тараў ушын жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соны айрықша атап өтиў керек, хореография тараўында заманагөй билимлендириў системасы жолға қойылды, белгили "Баҳор" ансамбльи қайта тикленди, "Ләзги" ансамбли ҳәм басқа да дөретиўшилик топарлар қоллап-қуўатланбақта.
"Ләзги" халықаралық аяқ ойын фестивалы мәмлекетимиздиң мәдений дипломатиясында әҳмийетли орын ийелейтуғын стратегиялық платформа болып есапланады. Бул форум халықаралық мәдений брендке айланғанын, оның географиясы ҳәм қатнасыўшыларының саны жылдан-жылға кеңейип атырғанын атап өтиў керек. Быйылғы фестивалда дүньяның онлаған мәмлекетлеринен жүзлеген көркем өнер ғайраткерлери, аяқ ойын топарлары, илимпазлар ҳәм экспертлер қатнаспақта.
Жаслардың классикалық көркем өнеримизге қызығыўшылығын және де арттырыў, оларды миллий қәдириятлар руўхында тәрбиялаў, дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыўда "Ләзги" аяқ ойынына буннан былай да шеберлик ҳәм тәжирийбе мектеби сыпатында қараймыз.
Мине усындай ийгиликли мақсетлерге хызмет ететуғын бул халықаралық фестивалдың абырайы буннан былай да жоқарылап, дүнья мәдений турмысында мүнәсип орын ийелейтуғынына исенемен.
Сизлерди бүгинги көркем өнер ҳәм мәденият байрамы менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа дөретиўшилик жетискенликлер, әнжуман жумысына табыслар тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти