Бул комплекс Қашқадәрья ўәлаятының Көкдала районында сынақтан өткерилген басқарыў уйымларын интеграциялаў әмелиятының даўамы болды. Онда 38 мәмлекетлик мәкеме бир орында жайластырылып, халыққа үлкен қолайлық жаратылды. Бурын узақ аралықларды басып өтип, түрли мәкемелерге мүрәжат етиўге мәжбүр болған пуқаралар барлық мәселелерди бир жерде, жақын ҳәм қолайлы орында шешиў имканиятына ийе болды.
Президентимиз өткен жылы Көкдалаға сапары ўақтында бундай қатнас барлық районларға үлги болыўы керек екенлигин атап өткен еди. Өткен дәўирде бул тәжирийбе тийкарында басқа аймақларда да дөретиўшилик жумыслары басланды.
Атап айтқанда, Бухарадағы ҳәкимшилик орай 14 гектар майданды ийелейди. Биринши басқышта ўәлаят ҳәм қала ҳәкимликлери, ўәлаят прокуратурасы ҳәм ишки ислер басқармасы, басқа да уйымлар усы жерге жайластырылған. Бул, бәринен бурын, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысында үзликсизликти арттырыў, мүрәжатлардың көрип шығылыўын жеделлестириў ҳәм мәмлекетлик хызметлердиң сапасын жақсылаўға хызмет етеди.
Комплекс тек ғана ҳәкимшилик имаратлар менен шекленбеген. Бул жерде қала халқы ҳәм мийманларының мазмунлы дем алыўы ушын қыябанлар, фонтанлар, жасыл аймақлар қурылмақта.
Президентимиз ўәлаят ҳәкимлигиниң жаңа имаратында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.
Мәмлекетлик уйымларды бирден-бир ҳәкимшилик орайларға бирлестириў, адамларға қолайлық жаратыў, зәрүр хызметлерди ҳәр қыйлы мәнзиллерге бармай, бир жерде алыўын тәмийинлеў бойынша жумысларды избе-из даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы жердиң өзинде мәмлекетимиз басшысына аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, халық ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Атап айтқанда, банклер тәрепинен жасалма интеллект жәрдеминде мәҳәлле кесиминде таллаўлар өткерилип, Бухара районы мысалында "өсиў ноқатлары" анықланғаны мәлим етилди. Бундай таллаў жер, суў ҳәм мийнет ресурслары, базар талабы, инфраструктура ҳәм бар өндирислик қуўатлықларды өз-ара байланыстырып баҳалаў имканиятын берди. Нәтийжеде Бухара районы ушын ең перспективалы бағдарлар сыпатында агробизнес, туризм, санаат ҳәм жол бойы хызметлери белгиленди.
Атап айтқанда, 15 мың гектар жерди өзлестириў, 500 гектар жаңа жүзим бағларын шөлкемлестириў, энотуризмди кеңейтиў, нефть-газ, химия, қурылыс ҳәм азық-аўқат тармақларында жаңа жойбарларды әмелге асырыў имканиятлары көрсетип өтилди. Таллаўларға бола, 2026-2031-жылларда бул тармақларда 7,4 триллион сумлық жойбарларды әмелге асырып, 15 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мүмкин.
Сондай-ақ, райондағы 36 мәҳәллени 6 драйвер бағдарға қәнигелестириў мүмкин екенлиги атап өтилди. Мәҳәллелер ушын жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде ресурс базасын қәлиплестириў, бизнес-режелерди автоматикалық таярлаў, қаржыландырыўды бағдарлаў ҳәм нәтийжелерди реал ўақыт режиминде қадағалаў бойынша ЖИ тийкарында шешимлер ислеп шығылмақта.
Президентимиз жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланып, ҳәр бир аймақтың потенциалын жүзеге шығарыў, анық нәтийжеге қаратылған жойбарларды қәлиплестириў, халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматын арттырыўға хызмет ететуғын басламаларды қоллап-қуўатлаў әҳмиетли екенлигин атап өтти.