Мәмлекетлик уйымлардағы көп жыллық нәтийжели мийнети, елимизде кең көлемли реформаларды табыслы әмелге асырыў, соның ишинде, пуқаралық авиациясы тараўын раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери, елимизде түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери арасында өз-ара аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт ҳәм дослық орталығын беккемлеў, Жаңа Өзбекстанның тынышлықты сүйиўши ҳәм халықшыл сиясатын халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаў, жас әўладты Ўатанға муҳаббат, улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумыслары, жәмийетлик турмыста белсене қатнасып атырғаны және туўылған күниниң 80 жыллығы мүнәсибети менен "Бирәдар қалалар альянсы" мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми баслығының кеңесгөйи Тян Валерий Николаевич «Шуҳрат» медалы менен сыйлықлансын.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти

Ш.Мирзиёев