Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, туўысқан түркмен халқына тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Халық Мәсләҳәти Баслығы, өз гезегинде, Өзбекстан жетекшисине Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сәлемин жеткерди.

Тәреплер стратегиялық шерикликтиң ҳәзирги дәрежесин жоқары баҳалады. Барлық дәрежелерде тығыз ҳәм нәтийжели сөйлесиўлер алып барылмақта. Товар алмасыў көлеми турақлы артып бармақта, санаат, энергетика, транспорт ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта. “Шават-Ташаўыз” саўда зонасы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Аймақлараралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.

Жақында Ашхабад қаласында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислериниң жуўмақларына жоқары баҳа берилди.

Усы жылдың октябрь айында Түркменстанда болып өтетуғын Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының сегизинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў шеңберинде регионаллық күн тәртибин муўапықластырыў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.