Бүгинги күнде мәмлекетлердиң бәсекиге шыдамлылығы тек ғана тәбийғый ресурслар емес, ал инсан капиталы, заманагөй кәсип ийелериниң билими ҳәм потенциалы менен де белгиленбекте. Соның ушын Өзбекстанда профессионал билимлендириў системасын реформалаў, әсиресе, аймақлардағы техникумларды әмелий билимлендириў, инновация ҳәм исбилерменлик орайларына айландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Қува районындағы техникум жумысы да бул реформалардың әмелий көриниси болды.
Техникум имаратында заманагөй кәсип-өнерге оқытыў ҳәм стартапларды қоллап-қуўатлаў орайлары шөлкемлестирилген.
Бул жерде сырт ел билимлендириў мәкемелери менен бирге немис ҳәм қытай тиллерин үйрениў менен бирге, логистика, аўыл хожалығында дронларды басқарыў, "ақыллы" ирригация, қуяш панеллерин орнатыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў сыяқлы заманагөй бағдарлар бойынша кадрлар таярланады.
Дуал билимлендириў системасы енгизилип, 550 оқыўшы әмелият пенен тығыз байланыста теориялық билим алмақта.
Жаслардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаўда стартап орайы әҳмийетли орын ийелейди. Бул жерде робототехника, SMM, мобилография, дизайн сыяқлы талап жоқары болған бағдарлар бойынша оқыў курслары шөлкемлестирилген.
Жойбар шеңберинде 200 жаңа жумыс орны жаратылады. Бул тәжирийбе республикамыздағы және 10 аўыл хожалығы техникумында енгизилиўи режелестирилген.
Президентимиз кәсип-өнер иелеп атырған оқыўшылар менен сәўбетлесип, олардың оқыў ҳәм келеси жумысларында табыслар тиледи.