Ушырасыў алдынан америкалы сенатор мәмлекетимиз басшысы ҳәм Өзбекстан халқын мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен қызғын қутлықлап, тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти және де беккемлеў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Кейинги жылларда еки тәреплеме бирге ислесиўде мисли көрилмеген жоқары дәрежеге ерисилгени, сөйлесиўлер ҳәм делегациялар алмасыўлары жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Энергетика, әҳмийетли минераллар, транспорт, аўыл хожалығы, санлы технологиялар ҳәм санаат тараўларында ири жойбарлар избе-из әмелге асырылмақта.

Аймақлараралық, соның ишинде, сенатор ўәкиллик етип атырған Монтана штаты менен бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары айрықша додаланды.

"С5+1" форматындағы регионаллық бирге ислесиў мәселелери, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуаль машқалалар бойынша да пикир алысылды.