Дүньядағы геосиясий кескинлик, энергия ресурсларыныӊ ҳәм шийки зат баҳаларының өсиўи, тәмийнат ҳәм логистика шынжырларындағы үзилислер көплеген мәмлекетлерде инфляциялық басымды күшейтпекте. Бундай шараятта халықтың қәрежетлерин жеңиллетиў ҳәм мүтәж шаңарақларға мәнзилли жәрдем көрсетиў айрықша әҳмийетке ийе.

Презентацияда электр энергиясы, газ, көмир ҳәм коммуналлық хызметлер ушын төлемлер бойынша әмелдеги қоллап-қуўатлаў механизмлерин кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Атап айтқанда, ысытыў мәўсиминде газлеспеген ҳәм газ жетип бармаған аймақларда электр энергиясы бойынша базалық норманы 200 киловатт-сааттан 350 киловатт-саатқа арттырыў усынысы мақулланды.

Декабрь айында жәрдемге мүтәж шаңарақларға бир мәртелик материаллық жәрдем ажыратыў мәселесин көрип шығыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, Социаллық реестрге кирмеген мүтәж шаңарақлардың электр энергиясы, газ, көмир ҳәм коммуналлық хызметлер қәрежетлерин қаплаўда шаңарақтың ҳәр бир ағзасына қолланылатуғын дәрамат нормасын 1 миллион 430 мың сумға шекем арттырыў усынысы көрип шығылды. Нәтийжеде қоллап-қуўатлаў қамтып алыўы және 166 мың шаңараққа кеңейеди.

Электр энергиясы ҳәм газ бойынша базалық нормадан артық тутыныў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў мүддетин 2028-жыл 1-апрельге шекем созыў усыныс етилди. Бул илаж бенен бир жылда 470 мың шаңарақты қамтып алыў нәзерде тутылмақта. Шараяты аўыр мәҳәллелердеги 3 мың шаңарақты ыссылық жағынан қорғаў ҳәм энергияны үнемлейтуғын үскенелер менен тәмийинлеў жумыслары да даўам еттириледи.

Мәмлекетимиз басшысы Ҳүкиметке белгиленген жәрдем ушын қаржыларды өз ўақтында бағдарлаў, мүтәж шаңарақларды анықлаўда мәнзиллиликти тәмийинлеў ҳәм жәрдемниӊ ҳәр бир шаңараққа жетип барыўы үстинен қадағалаўды күшейтиўди тапсырды.

Сондай-ақ, энергия ресурсларын ислеп шығарыўшы ҳәм жеткерип бериўши кәрханалардың жумысын трансформациялаў, басқарыў нәтийжелилигин арттырыў, артықша қәрежетлер ҳәм тармақлардағы жоғалтыўларды қысқартыў бойынша да бир қатар көрсетпелер берилди.