Мойнақ районында ҳәр жылы өткерилетуғын ҳәр қыйлы фестивальлар буның айқын дәлийли болып табылады.

2026-жыл 2-4-май күнлери Мойнақ районында спорт, белсенди дем алыў ҳәм қызықлы тәсирлер ықласбентлерин бирлестирген “ULTIMATE MAN MOYNАQ – 2026” фестивалы болып өтти.

Фестиваль шеңберинде шөлкемлестирилген илажларда ҳәм спорт жарысларында 100 ге шамалас турист үлкен қызығыўшылық пенен қатнасып, мазмунлы ҳәм руўхландырыўшы бағдарламаның бир бөлеги болды.

Спорт жарыслары ҳәм кеўилашар илажлар мийманларға умытылмас сезимлерди инам етип, Мойнақтың жоқары туристлик потенциалы, өзине тән орталығы ҳәм саяхатшылар ушын тартымлылығын және бир мәрте көрсетти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.