Илажда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одил Рено-Бассо, жетекши сырт ел компаниялары, банклери ҳәм қаржы институтларының басшылары, сондай-ақ, Орайлық Азия ҳәм Кавказ мәмлекетлериндеги инвесторлар кеңесиниң ўәкиллери болған абырайлы халықаралық шөлкемлер менен структуралардың ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте шығып сөйлеген мәмлекетимиз басшысы соңғы жыллары Президент кеңеси әмелий реформалар ҳәм мәмлекеттиң халықаралық бизнес жәмийетшилиги менен бирге ислесиўинде әҳмийетли майдан сыпатында өз орнын беккемлегенин атап өтти.
Ғәрезсиз Ассоциация статусын алып, елимиз экономикасының 23 тармағына тийисли 85 компанияны бирлестирди. Атқарыў комитети қурамына Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясы киреди.
Нормативлик-ҳуқықый базаны избе-из жетилистириў бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжеси болды.
Кеңес ағзаларының усынысларын есапқа алған ҳалда Салық кодексине өзгерислер киргизилди, финанслық тәртипке салыў ҳәм есапқа алыўдың айырым тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырылды, халықаралық финанслық есабат стандартларын қолланыўшы сырт ел компаниялары ушын бир қатар мәжбүрий талаплар бийкар етилди.
Соның менен бирге, миллий нызамшылығымызды халықаралық әмелият пенен және де жақынластырыў бойынша жумыслар даўам еттирилмекте.
"Альтернатив инвестиция фондлары ҳаққында"ғы нызам жойбары таярланды, жуўапкершиликли бизнес стандартларын енгизиў бағдарламасы ислеп шығылды, техникалық регламентлер халықаралық талапларға бейимлестирилмекте.
Буннан тысқары, Өзбекстан Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң Халықаралық инвестициялар ҳәм көп миллетли кәрханалар ҳаққындағы декларациясына қосылыўға киристи. Буннан кейинги қәдем "Ташкент халықаралық финанс орайы ҳаққында"ғы конституциялық нызамның қабыл етилиўи болады.
Кеңестиң қәнигелескен жумысшы топарларының жумысы системалы түрге енди. Өткен дәўирде финанс базарын раўажландырыў, гиреў ҳаққындағы нызамшылықты жетилистириў, бизнести жуўапкершиликли жүргизиў, салық ҳәкимшилиги, энергетика, жер ҳәкимшилиги, профессионал кадрлар таярлаў ҳәм мәмлекет ҳәм инвесторлар ушын өз-ара пайдалы болған басқа да бағдарлар бойынша 50 ден аслам ушырасыў өткерилди.
Бүгинги мәжилиске таярлық көриў сырт елли шериклердиң жаңа басламалар топламын қәлиплестириў имканиятын берди.
Келип түскен 120 усыныс инвестициялық орталықты, салық ҳәм кадастр системасын, банк-қаржы тараўын, корпоратив басқарыўды, енергетиканы жетилистириў, жасалма интеллект ҳәм санлы экономиканы раўажландырыўды қамтып алған жети тийкарғы бағдарға бирлестирилди.
Валюта тараўын тәртипке салыўды және де либералластырыў, заманагөй финанслық қуралларды, соның ишинде, ислам қамсызландырыўын ҳәм "жасыл" кредитлеў механизмлерин енгизиў, банк активлери базарын раўажландырыў, экологиялық, социаллық ҳәм корпоративлик басқарыў принциплерин кеңнен қолланыў бойынша усынысларға айрықша итибар қаратылды.
Ҳәр бир бағдар бойынша әмелий шешимлер таярланып, жуўапкерлер белгиленди.
Президентимиз Кеңес бизнес басламалары мәмлекетлик сиясатта әмелий көриниске ийе болып атырған нәтийжели ашық сөйлесиў майданы болып қалып атырғанын атап өтти.
Усы мүнәсибет пенен халықаралық инвесторлар менен тиккелей байланысларды сақлап қалыў ҳәм қайта байланыс механизмлерин буннан былай да жетилистириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилис жуўмағында барлық усынысларды улыўмаластырып, анық әмелге асырыў мүддетлери ҳәм қадағалаў механизмлерин белгилеген ҳалда бирден-бир "жол картасы"н ислеп шығыў тапсырылды.
Инвестиция блогына жуўапкер Өзбекстан ҳүкиметиниң ағзалары оның орынланыўы бойынша ҳәр шеректе Президентке есап берип баратуғыны атап өтилди.
Мәжилис қатнасыўшылары өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў, инвестициялық тартымлылықты беккемлеў, турақлы экономикалық өсиў ҳәм Жаңа Өзбекстанда реформаларды табыслы даўам еттириўге қаратылған биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўдан мәпдар екенин тастыйықлады.
Буннан соң тематикалық презентациялар, қатнасыўшылардың шығып сөйлеўлери ҳәм Кеңес ағзалары тәрепинен сораў-жуўаплар өткерилди.