2026-жылы республика жоқары оқыў орынларын 320 мың студент тамамлаўы күтилмекте.
Кейинги жылларда жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў сезилерли дәрежеде кеңейип, мийнет базарына шығып атырған питкериўшилердиң саны да артып бармақта.
Олардың бәнтлигин тәмийинлеўде питкериўшилер менен жеке тәртипте ислесиў, оларды экономиканың түрли тармақларындағы бос жумыс орынларына бағдарлаў, исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, жоқары оқыў орынлары жанындағы карьера орайларының имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли орын ийелейди.
Жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң исбилерменлик жойбарларын жеңилликли қаржыландырыў мақсетинде "Келешекке қәдем" бағдарламасы әмелге асырылып, оның шеңберинде 2025-жылы 6 мыңнан аслам жойбарды қаржыландырыў ушын 378 миллиард сум қаржы ажыратылды. Нәтийжеде 8 мыңға шамалас питкериўшиниң бәнтлиги тәмийинленди.
Презентацияда 2026-жылы 8 мыңнан аслам жойбарды қаржыландырыў ҳәм 10 мыңға шамалас жигит-қыздың бәнтлигин тәмийинлеўге 500 миллиард сум қаратылатуғыны айтылды.
Бул бағдарламаны онда қатнасып атырған исбилерменлик субъектлерине қосымша қаржылай жеңилликлер бериў есабынан кеңейтиў усынысы билдирилди.
Сондай-ақ, жумыс бериўши шөлкемлер ҳәм исбилерменлик субъектлерин жедел тартқан ҳалда республиканың басқа да аймақларында “TalabaExpo-2026” кәсип-өнер көргизбелерин нәтийжели шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеўде министрликлер ҳәм уйымлар, район ҳәм қала ҳәкимликлери, ири хожалық бирлеспелериниң жуўапкершилигин арттырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Барлық процесслер “career.edu.uz” бәнтликке көмеклесиў платформасы арқалы бақлап барылады. Жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерине, соның ишинде, жергиликли ҳәкимликлер де тартылады. Нәтийжеде питкериўшилер менен ислесиўдиң вертикал системасы жолға қойылады.
Соның менен бирге, студентлердиң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў тараўында жоқары билимлендириў мәкемелери дәрежесинде системалы жумысларды жолға қойыў бойынша жаңа механизмлер усыныс етилди.
Атап айтқанда, барлық жоқары оқыў орынларында карьера орайларының толық жумысы жолға қойылады ҳәм олардың нәтийжелилигине қарап хошаметлеў жолға қойылады. Орайлардың жумысына "Питкериўшилердиң сапа индекси" тийкарында баҳа бериледи. Ең жоқары нәтийже көрсеткен 20 жоқары оқыў орнының карьера орайларына 500 миллион сумнан қаржы ажыратылады.
Усы жылы жоқары оқыў орынлары дәрежесинде 360 ҳәм факультетлер дәрежесинде 750 мийнет ярмаркасын өткериў, ҳәр бир бағдар бойынша мыңнан аслам жумыс бериўшилердиң қатнасыўында ушырасыўлар (воркшоплар) шөлкемлестириў режелестирилген.
Сондай-ақ, студентлерде исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў ҳәм бизнес жүргизиў бойынша бар имканиятлар менен таныстырыў мақсетинде 2026/2027-оқыў жылынан баслап барлық жоқары оқыў орынларында "Исбилерменлик тийкарлары" пәнин оқытыў жолға қойылады.
Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларында студентлердиң стартап жойбарларын қоллап-қуўатлаў, студентлерди шөлкемлестирилип атырған спин-офф кәрханаларына тартыў, тармақ кәрханаларында кафедралардың филиалларын ашыў, жумыс бериўши кәрхана аймағында питкериў жумысларының қорғалыўын өткериў әмелиятын кеңейтиў илажлары белгиленди.
Кадрларды анық буйыртпа ҳәм бейимлесиўшең бағдарламалар тийкарында таярлаўға қаратылған мақсетли дуал оқытыўды енгизиў басламасы алға қойылды.
Онда, талабанларды бағдарламаға қабыл етиў ҳәм контракт бойынша оқытыў баҳасын белгилеў жумыс бериўши ҳәм ЖОО арасындағы өз-ара келисим тийкарында әмелге асырылады, буйыртпашы болса питкериўшиниң оқыў тамамланғанынан соң жумысқа орналасыўын кепиллейди.
Усыныс етилген илажлардың орынланыўын сапалы шөлкемлестириўде жоқары оқыў орынлары басшыларының жуўапкершилигин арттырыў, олардың “KPI” көрсеткишлеринде питкериўшиниң бәнтлиги тәмийинленгенин тийкарғы норма сыпатында белгилеў зәрүрлиги атап өтилди.
Президентимиз жуўапкерлерге питкериўшилер менен жумысты нәтийжели шөлкемлестириў, алға қойылған басламаларды пуқта ислеп шығыў, қосымша жумыс орынларын жаратыў ушын барлық имканиятларды иске қосыў бойынша тапсырмалар берди.