Бул Президенттиң "Өзбекстанда Қытай Халық Республикасының Ляонин педагогикалық университетиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққында"ғы қарарында (ПҚ-359-санлы, 2026-жыл 2-октябрь) белгиленген.

Қарарға бола, Ляонин педагогикалық университетиниң Өзбекстандағы филиалы Хорезм ўәлаятында шөлкемлестириледи.

Филиалда билимлендириў процеси 2026/2027-оқыў жылынан басланады. Оқытыў өзбек, қытай ямаса инглис тиллеринде алып барылады.

Билимлендириў күндизги ҳәм альтернатив билимлендириў түрлеринде шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, 2030/2031-оқыў жылына шекем филиалға қабыл етилген студентлер оқыўдың пүткил дәўири даўамында толық мәмлекетлик грант тийкарында билим алады.

2030/2031-оқыў жылынан баслап болса қабыллаў параметрлериниң 30 проценти мәмлекетлик грант тийкарында қәлиплестириледи.

Филиал студентлериниң әмелияты оқыў режелерине муўапық аймақтағы өндирис ҳәм хызмет көрсетиў кәрханаларында, соның ишинде, дуал билимлендириў тийкарында шөлкемлестириледи.