Ушырасыў алдынан Марко Рубио мәмлекетимиз басшысына АҚШ Президенти Дональд Трамптың қызғын сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Тийкарғы итибар Өзбекстан - АҚШ стратегиялық шериклигин және де беккемлеў, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди избе-из әмелге асырыўға қаратылды.

АҚШ ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы сөйлесиўди беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екенин тастыйықлаған гезектеги "С5+1" форматындағы министрлер ушырасыўының жуўмақларына жоқары баҳа берилди.

Тийкарғы бағдарлар – сиясат ҳәм қәўипсизлик, саўда ҳәм инвестициялар, инновациялар ҳәм технологиялар, билимлендириў ҳәм мәденият тараўларында еки тәреплеме бирге ислесиў жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Еки мәмлекет парламентлери ҳәм уйымлары арасында тиккелей ҳәм конструктивлик сөйлесиў жолға қойылған, исбилермен топарлар ҳәм академиялық жәмийетшилик арасында байланыслар кеңеймекте.

Қәўипсизлик тараўында, бәринен бурын, терроризм, экстремизм, наркотрафик ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде бирге ислесиў беккемленбекте.

Өзбекстан ҳәм АҚШ арасында кеңейтилген стратегиялық шериклик сөйлесиўиниң басланғаны еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды. Оның биринши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша бир қатар ҳүжжетлерге, соның ишинде, Космос кеңислигин тыныш жол менен өзлестириў тараўында Артемида келисимине қол қойылды.

Экономикалық бирге ислесиў стратегиялық шерикликтиң тийкарғы сүйенишлеринен бири болып қалмақта. Жыл басынан товар алмасыў 35 процентке артты. Экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы табыслы әмелге асырылмақта, оның шеңберинде пуқаралық авиациясы, автомобиль қурылысы, таў-кән санааты, энергетика, аўыл хожалығы, санластырыў ҳәм қаржы тараўларында ири жойбарлар әмелге асырылмақта.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыўда Исбилерменлер ҳәм инвестициялар кеңесиниң орны айрықша екени атап өтилди. Бул ретки мәжилис шеңберинде 12 миллиард долларлық жаңа келисимлерге ерисилди.

Гуманитарлық бирге ислесиў избе-из кеңеймекте. Ташкентте Вебстер университети, Америка технология университети ҳәм Колорадо таў-кән мектебиниң компетенциялар орайы табыслы жумыс алып бармақта. Өзбекстанға келетуғын америкалы туристлердиң саны артып бармақта.

Тәреплер әмелий бирге ислесиўдиң жаңа перспективаларын да көрсетип өтти. Стратегиялық әҳмийетке ийе пайдалы қазылмалар, энергетика, транспорт, жасалма интеллект ҳәм санлы технологиялар тараўларында үлкен потенциал бар.

Аймақлараралық байланысларды раўажландырыў ҳәм бизнес миссияларды алмасыўға айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық сиясат ҳәм регионаллық қәўипсизликтиң әҳмийетли мәселелери бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Еки мәмлекет жетекшилериниң қатнасыўында өткерилетуғын илажлардың режеси ҳәм мазмуны көрип шығылды.