Өзбекстан жетекшиси Жәҳән урбанизация форумының 13-сессиясында қатнасып, қалаларды турақлы раўажландырыў ҳәм қала қурылысы сиясатын жетилистириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли басламаларды алға қойды.

Форум шеңберинде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм БМШтың елатлы пунктлер бойынша бағдарламасының атқарыўшы директоры Анаклаудия Россбах пенен ушырасыўлар өткерилди.

Сапар бағдарламасы жуўмақланғаннан соң, мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.

Баку халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманды Әзербайжан Мәденият министри Одил Керимли ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.