Кейинги жыллары ўәлаятта исбилерменлик ҳәм инвестиция ушын жаратылып
атырған қолайлы шараятлар экономика тармақларын раўажландырыў, жаңа өндирис
қуўатлықларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Атап айтқанда, 2016-жылы Қарақалпақстанның жалпы аймақлық өними 8,5
триллион сумды қураған болса, усы жылдың басына келип бул көрсеткиш 54 триллион
сумнан асты. Өним ислеп шығарыўда жеке меншик сектордың үлеси 66 процентке
жеткен. Жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң саны 2,5 есеге
көбейип, 26,5 мыңды қурады.
Соңғы тоғыз жылда жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў ушын
Қарақалпақстанға 5 миллиард доллардан аслам инвестиция тартылған. Усы жылдың ақырына шекем сырт ел инвестицияларының көлеми
2,5 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. Аймақта жумыс алып барып атырған сырт
ел ҳәм қоспа кәрханалардың саны 2018-жылға салыстырғанда 2,2 есеге өсип, 271 ди
қурады.
Мәресим
шеңберинде 592 миллион долларлық 11 жойбар иске қосылып, сырт елли бирге ислесиўшилердиң
қатнасыўында әмелге асырылатуғын 7 миллиард долларлық 47 жаңа жойбардың
қурылысына старт берилди. Бул жойбарлар арқалы 8 мың жоқары дәраматлы жумыс
орны жаратылады.
Атап айтқанда,
Қараөзек районында улыўма қуўатлылығы 300 мегаватт болған 2 самал электр
станциясы ҳәм 100 мегаваттлы электр энергиясын сақлаў системасы иске қосылды.
Нөкис қаласында
Бирлескен Араб Әмирликлери менен биргеликте қурылған Шайх Халифа емлеўханасы да
иске қосылған. Баҳасы 27 миллион доллар болған 100 орынлық бул мәкеме заманагөй
медициналық үскенелер менен тәмийинленген. Бул жерде 80 жумыс орны жаратылған.
Қарақалпақстан
илимий-әмелий медицина академиясы да аймақта медициналық хызметтиң сапасын
арттырыў, қәнигелердиң кәсиплик шеберлигин раўажландырыўға хызмет етеди.
Санлы
инфраструктураны раўажландырыў шеңберинде Тақыятас районында «Linkwise» кәрханасының
150 миллион долларлық модульли интеллектуаллық есаплаў орайының биринши басқышы
иске қосылды.
Нөкис қаласында
жәмийетлик транспортты жақсылаў бойынша «SAPSAN TRANS NO‘KIS» кәрханасының 20
миллион долларлық жойбарын әмелге асырыў басланды. Ҳәзирги ўақытта 25 автобус
ҳәм электробус алып келинди, жылдың ақырына шекем қосымша 75 электробус алып
келинеди. Жойбарда 200 жумыс орнын жаратыў нәзерде тутылған.
Қурылысы басланып
атырған жойбарлар энергетика, санлы экономика, санаат, транспорт, медицина ҳәм
хызмет көрсетиў тараўларын қамтып алған.
Қоңырат районында
1,5 гигаватт қуўатлылыққа ийе ири самал электр станциясын қурыў ҳәм оны
бирден-бир энергетика системасына жалғаў жумыслары жедел басқышқа өтпекте. Баҳасы
2,6 миллиард доллар болған бул жойбар Саудияның «ACWA» компаниясы менен
биргеликте әмелге асырылмақта. Оның шеңберинде 1 мың 500 километр жоқары
күшлениўли магистраль электр тармақлары тартылады, 500 киловолтлы 3 подстанция
қурылады ҳәм және екеўи модернизацияланады.
Шымбай районында
кореялы инвесторлар менен биргеликте елимизде биринши мәрте боян тамырын қайта
ислеў арқалы жылына 3 миллион куб метр биогаз ислеп шығарыў жойбары басланды.
Транспорт
инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде Азия раўажланыў банки менен
биргеликте А-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" автомобиль жолының
92 километрлик бөлегинде қурылыс жумыслары басланды. Жойбардың баҳасы 233
миллион долларды қурайды. Сондай-ақ, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен
биргеликте Нөкис қаласында жәмийетлик транспорт ушын 112 электробус сатып алыў
ҳәм депо шөлкемлестириў жойбары әмелге асырылады.
Қоңырат ҳәм
Тақыятас районларында қытайлы шериклер менен биргеликте санлы валюта ислеп
шығарыў ҳәм жасалма интеллект ушын мағлыўматларды қайта ислеў орайларын
шөлкемлестириў бойынша улыўма баҳасы 2 миллиард 281 миллион долларлық жойбарлар
әмелге асырылмақта. Мағлыўматларды қайта ислеў орайы Тахтакөпир районында да қурылады.
Нөкис қаласында шығындыларды термикалық қайта ислеў арқалы электр энергиясын
ислеп шығарыў жойбарына старт берилди.
Қараөзек
районындағы "Зәңгибаба" кәнинде баҳасы 20 миллион долларлық алтын
ислеп шығарыў кәрханасы қурылады. Әмиўдәрья районында баҳасы 15 миллион доллар
болған заманагөй ири саўда орайы шөлкемлестириледи.
Социаллық тараўда
ҳиндстанлы шериклер менен биргеликте жоқары технологиялық медициналық жәрдем
көрсетиў ушын медициналық илимлер университети ҳәм емлеўхана мәмлекетлик-жеке
меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилмекте.
Түркиялы бирге
ислесиўшилердиң қатнасыўында Нөкис қаласындағы "Дослық" каналы
бойында Ташкент қаласындағы «Seoul Moon» үлгисиндеги 103 миллион долларлық дем
алыў орынларына ийе кеўилашар ҳәм саўда орайы қурылады.
Мәресимде сырт
елли бирге ислесиўшилер жойбарларды әмелге асырыў ҳәм иске қосыў мүддетлери
бойынша мәлимлеме берди. Ўәлаят ҳәкимлери өзлерине бириктирилген аймақларда
жаңа жумыс орынларын жаратыў, кем тәмийинленген шаңарақлардың дәраматын
арттырыўға қаратылған жойбарларды таныстырды.
Мәмлекетимиз
басшысы нураныйлар, илимпазлар ҳәм кең жәмийетшиликти ҳәр бир жойбардың
орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўға шақырды. Бундай
қатнас жасаў шаңарақлардың абаданлығына, жаслардың келешегин тәмийинлеўге,
Аралбойы регионының беккем экономикалық тийкарын жаратыўға хызмет ететуғыны
атап өтилди.
Мәмлекетимиз
басшысы жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып атырған сырт елли шериклер ҳәм
исбилерменлерге миннетдаршылық билдирди.
Символикалық
түймеси басылғаннан соң жаңа объектлер иске қосылып, қурылыс жумысларына старт
берилди. Инвесторлар ҳәм ўәлаят белсендилери менен қызғын сөйлесиў болды.
Усы жерде Нөкис
қаласында жас шаңарақлар ушын қурылатуғын "Жаңа Өзбекстан" массивиниң
презентациясы өткерилди. Массив ушын 270 гектар майдан белгиленип, жойбар
ҳүжжетлерин ислеп шығыў басланған. Бул жерде 30 мың халыққа мөлшерленген көп
қабатлы турақ жайлар, ири бизнес орайлары, саўда, хызмет көрсетиў ҳәм кеўилашар
объектлер қурылады.