Кейинги жыллары педагоглардың абырайы ҳақыйқатында да жүдә жоқарылады. Бурын бир кәсип таңлаў ҳаққында сөз болғанда, муғаллим боласаң-да, деген бийпәрўа көзқарас бар еди. Ҳәзир муғаллиммен десеңиз, дәрҳал қанша айлық алатуғыныңызға қызығады.
Президентимиздиң сиясий ерк-ықрары, муғаллимлерге шексиз ҳүрмети ҳәм итибары себепли мәжбүрий мийнеттен пүткиллей қутылдық. Айлық мийнет ҳақымыз әдалатлы система тийкарында арттырып барылмақта. Ҳәр қыйлы жеңиллик ҳәм имканиятлар усынылмақта. Буннан тысқары, таңлаўлар шөлкемлестирилип, жеңимпазлар мүнәсип сыйлықланбақта.
Атап айтқанда, 19-сентябрь күни "Жыл муғаллими" таңлаўының жеңимпазлары анықланды. Онда Қарақалпақстаннан 17 педагог жеңимпаз деп табылды. Республика бойынша болса 208 жеңимпаз бар. Олардың ҳәр бирине базалық есаплаў муғдарының 1400 есеси муғдарында - ҳәзирги есап-санақларға бола, 616 миллион сум ақшалай сыйлық бериледи. Енди есаплаң: бир таңлаў көлеминде муғаллимлер ушын қанша үлкен қаржы жумсалып атыр! Бул мәмлекетимиз жетекшисиниң муғаллимлерге көрсеткен ҳүрмети, итибары нәтийжеси!
Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапары биз, муғаллимлер ушын да үлкен қуўаныш алып келди. Қызғын жумыс күни, үлкен реже ҳәм теңсиз жойбарларды додалаўдан ўақыт ажыратып, муғаллимлерден де ҳал-жағдай соралды. Президентимиз биз бенен сөйлесип, қандай мәселелеримиз бар екенлиги менен қызықты. Муғаллимлердиң абырайы жоқары, мәмлекет басшысы оларға ҳүрмет көрсеткен жерде өсиў, раўажланыў болатуғынын елимиздеги реформалар мысалында көрип турмыз.
Президентимиз муғаллимниң айлық мийнет ҳақысы 2000 доллар болады дегенинде онша исенимсизлик пенен қарағанлар да болды. Бүгин сол гәплер дәл ҳақыйқатқа айланды. Мәселен, өзим жаратқан әдалатлы система нәтийжесинде 2000 мың доллар эквивалентинде мийнет ҳақы аламан. Быйыл болса "Жыл муғаллими" таңлаўында қатнасып, жеңимпаз болдым ҳәм 50 мың доллардан аслам сыйлыққа ийе болдым. Буған жетемен дегенше өзим үстинде иследим, тынымсыз изленип, тараўға меҳир бердим.
Қанлыкөл районындағы 2-мектепте өзбек тили пәни муғаллимимен. Мийнет жолымды 2008-жылы Нөкис қаласындағы 38-мектепте баслағанман. 2010-жылы бакалавр, 2013-жылы магистратура басқышын өзбек тили ҳәм әдебияты бойынша тамамладым. 2023-жылы еркин изертлеўши сыпатында "Өзбек ҳәм қарақалпақ тиллеринде сөйлеў мәнисли фраземалар" темасында илимий жумысымды жақладым. 2020 ҳәм 2023-жыллары Өзбекстан Республикасында сабақ исленбелерим ен жайдырылды. Сондай-ақ, 2023-жылы "Жылдың ең жақсы өзбек тили оқытыўшысы" таңлаўының республикалық басқышы жеңимпазы болдым.
Оқыўшыларым пән олимпиадаларында жеңимпаз болғаны себепли Президентимиздиң тийисли қарары менен айлығыма 100 процент, республикалық олимпиада жеңимпазы сыпатында және 100 процент үстеме төленеди. Өзбек тили бойынша миллий сертификаттан А+ дәрежеси ийемен. Оған 50 процент, сондай-ақ, министр қорынан 70 процент үстеме аламан. Қалаберди, илимий жумысым болғаны ушын 30, директор қорынан да 30 процент үстеме бериледи. Қанлыкөл районында филология бағдары бойынша ментор сыпатында жумыс алып барып атырман. Яғный муғаллимлерге сабақты қай дәрежеде шөлкемлестириў кереклиги бойынша да семинарлар өткерип атырман. Бир қанша оқыўшыларым өзбек тилинен миллий сертификат ийеси.
Президентимиздиң муғаллимлер ҳаққындағы пикирлерин еситкенимде ҳәр сапары үлкен жетискенликлеримиз ҳаққында пикир жүргиземен. Кеўлимнен сонша имканият, сонша ҳүрмет себепли бундай жетискенликлер муғаллим ушын әдеттеги жумыс тәртиби болыўы керек, деген пикир өтеди.
Нигора АЛЛАМБЕРГЕНОВА,
Қанлыкөл районындағы 2-мектеп муғаллими