Стадионда аймақлық сайланды командалар, сондай-ақ, 2026-жылғы Азия ҳәм Параазия ойынларының жеңимпазлары сап тартты.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде қатнасыўшыларды екинши мәрте өткерилип атырған Президент олимпиадасы менен қутлықлады.
Быйылғы жарысларда 3,5 мыңнан аслам жас спортшы олимпиада ҳәм паралимпиада бағдарындағы 26 спорт түри бойынша күш сынасады. Оларға 1,5 мың тренер жолдаслық етпекте.
Президентимиз мәмлекетимизде ғалабалық спорттан профессионал спортқа шекем, талантлыларды таңлаўдан халықаралық жарысларға таярлаўға шекемги болған бир пүтин система жаратылғанын атап өтти. Өткен он жылда өзбекстанлы спортшылар ири халықаралық жарысларда 5 мың 518, соның ишинде, 1 мың 675 алтын медальды қолға киргизди. Бул алдынғы он жыллыққа салыстырғанда үш есе көп. Медальлардың үштен бир бөлеги спортшы қызларымыздың үлесине туўра келеди.
Жақында Самарқандта өткерилген Пүткилжәҳән шахмат олимпиадасында жигитлеримиз екинши мәрте жеңимпаз болғаны атап өтилди. Япониядағы XX жазғы Азия ойынларында болса Өзбекстан сайланды командасы 21 алтын, 25 гүмис ҳәм 24 қола медаль менен улыўма командалық есапта бесинши орынды ийеледи.
Параспортшыларымыздың мәртлиги ҳәм шеберлиги де жоқары баҳаланды. Олар Параазия ойынларында 45 алтын, 49 гүмис ҳәм 51 қола– жәми 145 медальды қолға киргизип, улыўма командалық есапта үшинши орынды ийеледи.
Мәмлекетимиз басшысы спортшылар, олардың устаз ҳәм тренерлери және перзентлериниң әрманын қоллап-қуўатлап киятырған ата-аналарға миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан ири халықаралық жарыслар өткерилетуғын спорт орайына айланып баратырғаны атап өтилди. Кейинги төрт жылда мәмлекетимизде жәҳән ҳәм Азия көлеминдеги 20 ға шамалас жарыс шөлкемлестирилди. Келеси жылы сентябрь-октябрь айларында Өзбекстан Әзербайжан менен биргеликте 20 жасқа шекемги футболшылар арасындағы жәҳән чемпионатына биринши мәрте басшылық етеди.
Президентимиз жас спортшыларға мүрәжат етип, жоқары нәтийжеге күшли ерк-ықрар, тәртип-интизам ҳәм тынымсыз мийнет пенен ерисилиўин атап өтти.
– Өзиңе исен! Өз үстинде исле! Өз журтыңа мүнәсип бол! Бул сөзлер ҳәр бириңиздиң турмыслық сүрениңизге айлансын, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Президентлик олимпиадасы қатнасыўшылары ушын жаңа имканиятлар ҳәм хошаметлер жәрияланды. Келеси жылдан жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелериниң ақшалай сыйлықлары 2,5 есеге арттырылады: биринши орын ушын 25 миллион сум, екинши орын ушын 12 миллион сум, үшинши орын ушын 6 миллион сум бериледи.
Жарыста жеңимпаз болып, Өзбекстан рекордын жаңалаған мектеп питкериўшилери жоқары билимлендириў мәкемелериниң спорт бағдарларына имтихансыз, мәмлекетлик грант тийкарында қабыл етиледи. Келешекте спорт түрлери 35 ке жеткерилип, онда 14 жастан 17 жасқа шекемги оқыўшылар қатнасады.
Ҳәр жылы Олимпиада жеңимпазларынан 50 и сырт елдеги халықаралық оқыў-шынығыў жыйынларына жибериледи. Келеси жылдан жеңимпазларға бир жыллық стипендия тайынланады. Өз бағдарында ең жақсы нәтийжеге ерискен спорт мектеплери зәрүр үскенелер менен тәмийинленеди.
Сондай-ақ, пайтахттағы Олимпиада даңқы музейи Олимпиада қалашасына көширилетуғыны мәлим етилди. Бул жас спортшыларға чемпионларымыздың тарийхы ҳәм жетискенликлери менен жақыннан танысыў имканиятын береди.
Президентимиз жасларды ашылып атырған имканиятлардан үнемли пайдаланыўға, ҳадал беллесиўге, ата-ана ҳәм устазларын қәдирлеўге шақырды.
– Жарыс майданында мүнәсип қарсылас, турмыста болса жақсы дос болың, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев 2026-жылғы Президентлик олимпиадасын ашық деп жәриялады. Мәмлекетлик гимн жаңлады.
Мәресим концерт бағдарламасы менен даўам етти. Илаж жуўмағында Президентлик олимпиадасының оты жағылды.