Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды экспертлик жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде Глобал өзгерислер институты менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Тони Блэр Жаңа Өзбекстандағы өзгерислердиң избе-излиги ҳәм көлемин жоқары баҳалады. Жақында болып өткен Ташкент халықаралық инвестициялық форумы мәмлекетимиздиң инвестициялық тартымлылығын беккемлеў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў ҳәм перспективалы басламаларды алға қойыўда нәтийжели майдан сыпатында әҳмийетли екени айрықша атап өтилди.

Экономиканың әҳмийетли тармақларында қоспа жойбарларды әмелге асырыў, жетекши халықаралық технологиялық компаниялар ҳәм ири стратегиялық инвесторларды тартыў, сондай-ақ, санлы трансформацияны жеделлестириў, соның ишинде, алдынғы инновациялық шешимлерди енгизиў келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.