Қызыл майданда Жеңис парады болып өтти. Илажда Беларусь Президенти Александр Лукашенко, Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Лаос Президенти Тхонглун Сисулит, Малайзия Жоқары ҳүкимдары Султан Ибраҳим, Словакия Ҳүкимети Баслығы Роберт Фицо ҳәм басқалар да қатнасты.

Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңис миллионлаған инсанлардың теңсиз мәртлиги, шыдамлылығы ҳәм пидайылығы есабынан қолға киргизилген уллы тарийхый ўақыя болды. Бул улыўма Жеңиске көп миллетли Өзбекстан халқы да салмақлы үлес қосып, фронтта да, фронт артында да ҳақыйқый қаҳарманлық көрсетти.

Урыс басланғанда республика халқының саны 6 миллион адамнан асқан еди. Әскерий сынақ жылларында 2 миллионға шамалас өзбекстанлы фронтқа тартылды. 538 мыңнан аслам ўатанласларымыз саўаш майданларында қайтыс болды, 158 мыңнан зыяты урыстың аянышлы тәғдирине шерик болып, бийдәрек жоғалған.

Мәртлик, ерлик ҳәм жаўынгерлик ерлик көрсеткени ушын 214 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Совет Аўқамы Қаҳарманы деген жоқары атақ 301 ўатанласымызға берилди, және 70 и "Даңқ" ордениниң толық кавалери болып, өзлериниң атларын уллы қаҳарманлық тарийхына мәңги жазды.

Өзбек халқының фронт артындағы мийнет қаҳарманлығы да оннан кем әҳмийетке ийе болмады. Республика фронттың исенимли таянышына айланды, азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ, қурал-жарақ ҳәм басқа да стратегиялық әҳмийетке ийе ресурслардың үзликсиз жеткерип берилиўин тәмийинледи. Ең қысқа мүддетте Өзбекстан аймағында эвакуация етилген 170 тен аслам кәрхана жайластырылды, бул болса қорғаныў санаатының турақлы жумысын сақлап қалыў ҳәм Жеңистиң улыўма потенциалын сезилерли дәрежеде беккемлеў имканиятын берди.

Урыстың аўыр жылларында Өзбекстан халқы фронт алды аймақларынан эвакуация етилген 1,5 миллионнан аслам, соның ишинде, 250 мыңнан аслам жетим балаларды қабыл етип, инсаныйлық ҳәм ҳақыйқый мийрим-шәпәәттиң жоқары үлгисин көрсетти. Ғамхорлық, мийрим-шәпәәт, улыўма дәртке шерик болыў халқымыздың руўхый күш-қүдирети ҳәм жоқары мәртебесиниң айқын көриниси болды.

Елимизде фронт қаҳарманлары ҳәм фронт арты мийнеткешлериниң естелигин мәңгилестириў, ветеранларды мүнәсип социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли жумыслар избе-из әмелге асырылмақта. Ташкент қаласында қурылған саўлатлы "Жеңис парки" естелик комплекси Жеңис әўладының мәртлигине жоқары ҳүрмет белгиси болды.

Парад жуўмақланғаннан соң Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Россия Президенти Владимир Путин ҳәм басқа да мәмлекет басшыларының басшылығында Александр бағындағы Белгисиз әскер қәбирине гүл қойды.

Жеңис жолында теңсиз мәртлик көрсеткен ҳәм жанын пидә еткен миллионлаған әскерлер, соның ишинде, Өзбекстан перзентлериниң естелигине бағышлап қурылған бул естелик Ўатан қорғаўшыларының мәртлиги, қаҳарманлығы ҳәм пидайы ерлигиниң тымсалы болып есапланады.

Мәресим бир минутлық үнсизлик пенен ҳүрметли қараўыл ротасы ҳәм әскерий оркестрдиң салтанатлы маршы менен жуўмақланды.