Мәмлекетимиз басшысының өткен жылы декабрь айында Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмағында ўәлаятты 2026-жылы социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли илажлар белгилеп алынып, оған қосымша 100 миллион доллар қаржы ажыратылған еди. Президентимиз быйыл март айында Нарпай районына сапары ўақтында ўәлаяттың алыс ҳәм шетки аймақларын айрықша көзқараслар тийкарында раўажландырыў ўазыйпасын қойған еди.
Мәжилисте бул тапсырмалардың орынланыўы Булунғур, Нарпай, Ақдәрья, Пахтачи, Қўшрабад ҳәм Каттақорған районлары және Каттақорған қаласы мысалында көрип шығылды.
Алыс аймақларда халықтың тығызлығы жоқары болса да, жоқары дәраматлы жумыс орынлары жетерли емес. Ўәлаят санаатының тек ғана 10 проценти Нарпай, Қўшработ, Пахтачи, Каттақорған районлары ҳәм Каттақорған қаласының үлесине туўра келеди. Соның менен бирге, Нарпай, Пахтачи, Пастдарғом районлары ҳәм Каттақорған қаласында жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежеси ўәлаяттың басқа районларына салыстырғанда жоқары болып қалмақта.
Усы мүнәсибет пенен ҳәр бир районның потенциалын есапқа алып, бул аймақларды белгили бир тараўға қәнигелесиў тийкарында раўажландырыў усынысы билдирилди. Атап айтқанда, Булунғур, Қўшработ, Пахтачи ҳәм Каттақорған районлары аўыл хожалығы, шарўашылық ҳәм бағшылық орайы сыпатында раўажландырылады. Булунғурда 50 миллион доллар қаржы есабынан жылына 100 мың бас нәсилшилик хожалығының жумысын жолға қойыў режелестирилген. Қўшработ ҳәм Ақдәрья районларында 20 миллион доллар есабынан жылына 800 мың бас нәсилли шөже жетистириў қуўатлылығына ийе кәрханаларды иске қосыў режелестирилген.
Нарпай районы ҳәм Каттақорған қаласы санаат ҳәм хызметлердиң өсиў ноқатына айланады. Атап айтқанда, Нарпай районында 100 гектар майданда санаат зонасы шөлкемлестирилип, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў жойбарлары жолға қойылады. Инвестициялардың улыўма көлеми 500 миллион долларды қурайды. Бул процесске Япониядан 10 ири компанияны тартыў режелестирилген.
Ақдәрья районы қусшылық, тоқымашылық ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеўге қәнигелескен аймақ сыпатында раўажландырылады.
Мәжилисте жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтың дәрежесин Нарпай, Пахтачи, Пастдарғом районлары ҳәм Каттақорған қаласында сәйкес түрде 3 ҳәм 2 процентке азайтыў, Иштихан, Нарпай, Нурабад, Пахтачи, Қўшработ ҳәм Каттақорған районларында экспортты 20 процентке арттырыў, Булунғур, Нарпай, Нурабад, Паяриқ, Пахтачи, Қўшработ, Каттақорған районлары ҳәм Каттақорған қаласында хызметлер ҳәм санаат көлемин 2 есеге арттырыў жойбарлары таныстырылды.
Самарқанд ўәлаятының туризм потенциалын буннан былай да кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Усы жылдың басынан берли елимизге келген сырт елли туристлердиң саны 27,3 процентке артып, 5,4 миллион адамды қурады. Өзбекстан сырт ел туристлериниң санын 20 миллионға, туризм экспортын 10 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек алған. Буның ушын аймақларда туристлерди көбирек иркип қалатуғын жаңа жөнелислер ҳәм сервис объектлерин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте Самарқандтың тарийхый орайындағы 13 көшени пиядалар жолына айландырыў, жаңа туристлик ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатланды.
Сондай-ақ, “Оҳалик-Ақбойро-Миронқул” туристлик-рекреациялық зонасының аймағын кеңейтиў усынысы билдирилди. Имам Мотуридий естелик комплексиниң қарама-қарсысындағы "Шаар" коллекторының бойын абаданластырыў мәселелери де көрип шығылды.
Бул илажлардың нәтийжесинде Самарқанд қаласы, Нурабад ҳәм Самарқанд районларында мийманханалардың санын 850 ге, номер фондын 20 мың орынға, туризм хызметлериниң көлемин 750 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте халықтың жасаўы ушын қолайлы инфраструктура жаратыў ең тийкарғы ўазыйпа екени атап өтилди. Оның ушын социаллық объектлер қурыў, жол, ишимлик суўы ҳәм канализация тармақлары, электр тәмийнатын жақсылаў, сервис ҳәм реновация жойбарларын әмелге асырыў, санаат жойбарларын инфраструктура менен тәмийинлеў мақсетинде 1,2 триллион сум ажыратыў усынысы билдирилди.
Самарқанд қаласында реновация бағдарламасы шеңберинде бир ай мүддетте "Химиклер" посёлкасын халық ушын қолайлы массивке айландырыў бойынша мастер-режени тастыйықлаў тапсырылды. Булунғур районында қурылып атырған "Жаңа Өзбекстан" массивиниң аймағын кеңейтиў, Самарқанд қаласы темир жолы бойындағы бос жерлер ҳәм имаратлар орнында жылдың ақырына шекем спорт, мәденият, музыка ҳәм көркем өнер дәргайларын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Буннан тысқары, ўәлаят ҳәкимлиги жанында Социаллық тараў объектлерин қурыў ҳәм оңлаў қорын шөлкемлестириў мақулланды. Самарқанд ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў шеңберинде үнемленген қаржылар усы қорға қаратылатуғыны белгиленди.
Мәжилисте жуўапкерлердиң мәлимлемелери тыңланды. Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаятының ҳәр бир районында бар имканиятларды толық иске қосып, жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын көбейтиў, аймақлар арасындағы экономикалық айырмашылықты қысқартыў бойынша анық тапсырмалар берди.