Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жөнелис бойынша дәслепки сапарын жәмийетшилик ўәкиллери менен биргеликте Қоқандтан Марғилонға келди.

Жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-декабрьдеги "2030-жылға шекем жергиликли жөнелислерде темир жол транспортында жолаўшылар тасыў көрсеткишлерин арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарары шеңберинде әмелге асырылды.

Халық тығыз жайласқан Ферғана ойпатлығында транспорт байланыслылығын жақсылаў, пуқаралар ушын қолайлы, қәўипсиз ҳәм арзан қатнаў түрин жаратыў, жолаўшы тасыў көлемин арттырыўға қаратылған.

324 километрлик темир жол айланбасы ойпатлық ўәлаятларын және де жақынластырып, халық, исбилерменлер ҳәм туристлер ушын жаңа имканиятлар ашпақта.

Таза поезд Ташкент жолаўшы вагонларын қурыў ҳәм оңлаў заводында ислеп шығарылған. Ол 6 вагоннан ибарат болып, 586 жолаўшы орынлығына мөлшерленген ҳәм саатына 120 километр тезликке ерисиў имканиятына ийе.

Билет баҳасы 15 мың сумды қурайды. Бул автомобиль транспортына салыстырғанда бир қанша арзан. Күнине 1 мың 500 ге шекем, жылына 600 мыңға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетиў имканияты аймақта экономикалық белсендиликти арттырыўға хызмет етеди.

Вагонларда климатты қадағалаў ҳәм коньдиционерлеў системалары орнатылған. Гаджетлер ушын бийпул Wi-Fi ҳәмUSB портлар бар. Майыплығы болған шахслар ушын арнаўлы көтергишлер, кең орынлар ҳәм қолайлы санитариялық шақапшалар жаратылған. Велосипедлер ушын беккемлеўлер жолаўшылардың жолдан кейинги ҳәрекетлениў имканиятларын кеңейтеди.

Вагонлардағы видеобақлаў системалары ҳәм соққыны жутыўшы элементлер халықаралық қәўипсизлик стандартларына жуўап береди.

Президентимиз сапар даўамында ўәлаят белсендилери менен ўәлаятта жүз берип атырған өзгерислер ҳаққында да сөйлести.

Жаңа темир жол айланба линиясы Ферғана ойпатлығының туризм потенциалын жаңа басқышқа алып шығатуғыны атап өтилди. Станциялардың жанында хызмет көрсетиў объектлери, мийманхана ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшаларын шөлкемлестирип, халыққа қосымша дәрамат дәрегин жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.