Бәринен бурын, нәшебентлик қураллары, психотроп затлар, олардың аналоглары және күшли тәсир ететуғын элементлердиң нызамға қайшы айланысы ушын жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған нызамның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул нызам парламент тәрепинен қабыл етилген.
Нызам менен Жынаят кодексине халықтың, әсиресе, жаслардың денсаўлығына қәўип салыўшы қәўипли қылмыслар ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиўди нәзерде тутатуғын “Халықтың саламатлығы ҳәм генофондына қарсы жынаятлар” атамасындағы жаңа бап киргизилмекте.
Нәшебентлик жынаятларын ислеўдиң заманагөй усыл ҳәм түрлерин есапқа алған ҳалда нызамсыз нәшебентлик лабораторияларын шөлкемлестириў, нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысына қәўендерлик етиў, фоҳишаханалар шөлкемлестириў ушын өз алдына жуўапкершилик белгиленбекте. Сондай-ақ, 10 нан аслам қәўипли қылмыс ушын жаза илажлары күшейтилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы бул нызам нәшебентлик қылмысларына қарсы гүресиўди жаңа басқышқа көтериў, халықтың саламатлығын ҳәм миллет генофондын қорғаўда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болатуғынын атап өтип, оған қол қойды.
Презентацияда уйымлараралық жумысшы топар тәрепинен ислеп шығылған “Нәшебентлик затлар ҳәм күшли тәсир ететуғын элементлер ҳаққында”ғы нызам жойбары ҳаққында да мәлимлеме берилди.
Атап өтилгениндей, соңғы жылларда наркожағдай түп-тийкарынан өзгерди: дәстүрий нәшебентлик қуралларының орнын синтетикалық нәшебентлик қураллары ийелемекте. Оларды тарқатыў усыллары да өзгерди - көбинесе интернет арқалы контактсыз усылда әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, мәмлекетимизде жасырын лабораториялардың пайда болып атырғаны тараўдағы ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик механизмлерди түп-тийкарынан қайта көрип шығыўды талап етпекте.
Жаңа нызам жойбарында мәмлекетлик сиясаттың 7 тийкарғы бағдары белгиленбекте. Олардың арасында халық, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм жасларда “нәшебентликке қарсы иммунитет”ти қәлиплестириў, интернет арқалы жүз берип атырған нәшебентлик жынаятларына шек қойыў, нәшебентликтиң ерте профилактикасы, диагностикасы, емлеў ҳәм медициналық-социаллық реабилитация системасын жетилистириў сыяқлы илажлар бар.
Жойбарда нәшебентлик затлардың айланысы, нәшебентлик ҳәм наркотик жынаятшылыққа қарсы гүресиўде тиккелей қатнасатуғын 14 мәмлекетлик уйымның ўазыйпалары менен ўәкилликлерин анық белгилеў нәзерде тутылмақта. Тийисли затлардың нызамлы айланысы үстинен мәмлекетлик қадағалаў күшейтилип, оларды алып келиўден сатыўға шекем болған барлық процесслер үзликсиз электрон қадағалаўға алынады.
Прекурсорлар, нәшебентлик қураллары ҳәм психотроп затлардың айланысын тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар да көрип шығылды. Нызамсыз ҳәрекетлерге қарсы гүресиўде электрон қадағалаў системасын енгизиў ҳәм уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Презентацияда жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, айырым пуқаралар тәрепинен транспорт қураллары жас өспиримлердиң басқарыўына өткерилип, ақыбетинде өлим ҳәм аўыр дене жарақатын алыў менен байланыслы жол-транспорт ҳәдийселери жүз бермекте.
Сол себепли жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўди жаңаша қатнаслар тийкарында тәмийинлеў, ақыбетлери аўыр болған авариялардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Президентимиз нәшебентлик ҳәм наркожынаятшылыққа қарсы гүресиўди заман талаплары дәрежесинде шөлкемлестириў, жаслар арасында бул иллеттиң тарқалыўына қатаң шек қойыў, жолларда қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша усынысларды мақуллады. Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.