Мәмлекетимиз басшысы Түркстан қаласында Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң "Жасалма интеллект ҳәм санлы раўажланыў" темасындағы рәсмий емес саммитинде қатнасады.
Илаж даўамында көп тәреплеме бирге ислесиўди, бәринен бурын, саўда-экономикалық, инвестициялық, транспорт-коммуникация ҳәм экология тараўларында, сондай-ақ, санлы инфраструктураны раўажландырыў, инновациялық технологияларды енгизиў ҳәм жасалма интеллектти әмелиятта қолланыў бағдарындағы байланысларды буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланады.
Делегациялардың басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди де көрип шығады.
Илаж жуўмағында Түркстан декларациясын қабыл етиў нәзерде тутылмақта.