Бул илаж мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Өзбекстанда жасалма интеллект экосистемасын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған избе-из сиясат шеңберинде өткерилмекте.

Жетекшилерге санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери таныстырылды. Атап айтқанда, "Санлы ҳүкимет" системалары, транспорт, бажыхана, салық, денсаўлықты сақлаў, социаллық қорғаў, энергетика, геология, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы шешимлерди қамтып алған санлы трансформацияның әҳмийетли бағдарлары көрсетип өтилди.

Бул тараўларды комплексли санластырыў мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халықтың турмыс сапасын жақсылаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Қазақстанның стартапларды қоллап-қуўатлаў ҳәм алға қойыў экосистемасының презентациясы өткерилди. Мәмлекет басшылары KPI-COM, OSON, DATOX ҳәм басқа да перспективалы стартап жойбарлардың жумысы менен танысты.

UZUM, TBC Bank, Aloqa Bank, HUMO, UZCARD сыяқлы миллий ҳәм сырт ел акселераторларының жумысы ҳаққындағы мәлимлеме тыңланды.

Венчур инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў, жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Банк тараўында ерисилген жетискенликлер, соның ишинде, санлы банкинг ҳәм заманагөй төлем шешимлериниң раўажланыўына айрықша итибар қаратылды.

Ашықтан-ашық сөйлесиўде жаслардың белсендилиги, креатив көзқарасы ҳәм жасалма интеллект технологияларын әмелиятта қолланыўға умтылысы жоқары екени атап өтилди.

Сапар етиў жуўмағында Президентлер хакатон қатнасыўшылары ҳәм стартап жәмийетшилиги ўәкиллери менен биргеликте естелик ушын сүўретке түсти.