Кейинги жылларда Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы басшылығында елимиздиң қорғаныў системасы жаңа раўажланыў басқышына көтерилди. Атап айтқанда, ҳаўа шегараларын беккемлеў ҳәм шегаралар қолқатылмаслығын исенимли қорғаў мақсетинде Ҳаўа қорғаныў әскерлери ҳәм Әскерий ҳаўа күшлери избе-из реформаланбақта.
Реформалар нәтийжесинде әскерлер заманагөй авиация техникалары, ҳаўа ҳүжиминен қорғаныў системалары, ушыўшысыз ушыў аппаратлары менен тәмийинленбекте. Әмелий ушыў шынығыўларының көлеми бир неше есеге арттырылды, авиация бөлимлериниң жаўынгерлик таярлығы беккемленбекте.
Презентацияда заманагөй билим ҳәм көнликпелерге ийе, ўатансүйгиш ҳәм профессионал миллий кадрлар таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Қаршы қаласында жайласқан Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Әскерий авиация институтының оқыў-материаллық базасы халықаралық билимлендириў стандартлары тийкарында үскенеленди.
Институт заманагөй оқыў тренажёрлары, модельлестириў ҳәм симуляция қураллары менен тәмийинленген. Теорияны әмелият пенен үйлестириў тийкарында шөлкемлестирилген сабақлар курсантларға авиация тараўын терең үйрениў имканиятын береди. "Устаз-шәкирт" дәстүри тийкарында курсантлар "Ханабад" аэродромында тәжирийбели қәнигелердиң жәрдеминде әмелий көнликпелерин беккемлемекте.
Презентацияда ҳаўа шегараларын қорғаўдың пүткиллей жаңа системасын енгизиў, авиация бөлимлерин заман талаплары тийкарында қайта шөлкемлестириў бойынша усыныс етилип атырған илажлар көрип шығылды.
Бул илажлар Әскерий ҳаўа күшлериниң жаўынгерлик қәбилети ҳәм әмелий имканиятларын және де арттырыў, әскерлердиң оперативлиги, мобиллиги ҳәм заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў потенциалын күшейтиўге хызмет етеди.
Түркия менен әскерий медицина тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў мәселеси де көрип шығылды. Президентимиздиң усы жыл январь айында Түркияға сапары ўақтында еки мәмлекет ҳүкиметлери арасында билимлендириў ҳәм әскерий медицина тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылған еди.
Презентацияда усы келисим шеңберинде әмелге асырыў усыныс етилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Емлеў иси, стоматология, фармацевтика, профилактика, медициналық кәсиплик ҳәм жоқары мийирбийкелик билимлендириўи бағдарларында, сондай-ақ, магистратура ҳәм аспирантурада қәнигелер таярлаў, әскерий шыпакерлерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, медицинаның илимий бағдарлары бойынша бирге ислесиўди кеңейтиў, семинарлар, конгресслер ҳәм симпозиумлар өткериў, профессор-оқытыўшылар, консультантлар, илимий хызметкерлер ҳәм студентлер алмасыўын жолға қойыў, биргеликтеги оқыў-шынығыўларды шөлкемлестириў, наўқасларды биргеликте емлеў, медицина мәкемелерин шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў нәзерде тутылған.
Презентацияда қорғаныў ислери уйымларында шақырылыўшыларды есапқа алыў, медициналық ҳәм шақырыў комиссияларының жумысын санластырыў бойынша усыныслар да көрип шығылды. Бул процесслердиң ашық-айдынлығын ҳәм оперативлигин арттырыў, пуқараларға қолайлықлар жаратыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, Қорғаныў ислери уйымларының пуқаралық хызметкерлериниң мийнет ҳақысын басқышпа-басқыш арттырыў, Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында турақ жай ижарасы ушын әскерий хызметкерлерге төленетуғын айлық пул компенсациясы муғдарын арттырыў бойынша усыныслар билдирилди.
Президентимиз әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыў, әскерий басқарыў ҳәм билимлендириў системасына алдынғы тәжирийбелерди енгизиў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды көрсетип өтти.
Жуўапкерлерге әскерий билимлендириў системасындағы реформаларды избе-из даўам еттириў, әскерий хызметкерлерди кәсип-өнерге оқытыў, оларды жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға таярлаў ҳәм бул ушын мүнәсип шараят жаратыў бойынша анық тапсырмалар берилди.