Медициналық мәкемелерди жайластырыў, қурыў ҳәм үскенелеў халықтың талабынан келип шыққан ҳалда режелестирилиўи зәрүр. Ҳәзир айырым аймақларда хызметлер тарқақ шөлкемлестирилген, емлеў орынлары надурыс бөлистирилген, ески имаратлар ҳәм үскенелерден пайдаланыў болса медициналық жәрдемниң сапасына тәсир етпекте.

Жумысты бар объектлер ҳаққында анық мағлыўматларды қәлиплестириўден баслаў нәзерде тутылған. Он ўәлаятта өткерилген хатлаўда тараўға тийисли 3 мың 499 объект анықланған. Бул Кадастр агентлиги мағлыўматларындағыдан 494 ке көп. Барлық аймақларда хатлаўды жуўмақлаў, объектлердиң электрон паспортларын қәлиплестириў ҳәм тараў көшпес мүлкиниң бирден-бир санлы реестрин жаратыў усыныс етилди.

Усы мағлыўматлар тийкарында 2026-2036-жылларға мөлшерленген медициналық инфраструктура мастер-режелерин әмелге асырыў мәселеси көрип шығылды. Ҳәр бир аймақ бойынша халықтың саны ҳәм өсиўи, медициналық хызметлерге мүтәжлик, мәкемелердиң қуўатлылығы ҳәм наўқаслардың оларға жетип барыў ўақты есапқа алынады. Мастер-реже қайсы объектти сақлап қалыў, бирлестириў ямаса реконструкциялаў, жаңасын қай жерде қурыў, оны қалай үскенелеў ҳәм қанша қәниге зәрүрлигин белгилейди. Инвестиция бағдарламаларын да усы режелер тийкарында қәлиплестириў нәзерде тутылмақта.

Системада мәкемелер көрсететуғын жәрдем дәрежесине қарап өз-ара байланысады. Қурамалы ҳәм жоқары технологиялық хызметлер таяныш орайларда жәмленеди, районларда болса базалық ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем сақланады. Бирлемши буўынды режелестириўде аўыллық ҳәм алыс елатлы пунктлер және қалалар ушын өз алдына хызмет көрсетиў нормалары қолланылады.

Бундай қатнас жасаў зәрүрлиги Самарқанд ўәлаяты мысалында көрсетип берилди. Ўәлаят халқының 80 проценти районларда жасайды, бирақ районлардың үлесине емлеў орынларының 41,7 проценти туўра келеди. Бас режеде медициналық аймақларды қайта шөлкемлестириў арқалы районлардың үлесин 67 процентке жеткериў, хызметлерди халыққа жақынластырыў нәзерде тутылған.

Самарқанд қаласы, Ургут, Пастдарғом, Каттақорған, Иштихан ҳәм Пайарықта жаңа емлеўханаларды қурыў және барларын реконструкциялаў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди. Ўәлаят орайындағы қәнигелескен мәкемелерди көп тармақлы емлеўханалар негизинде қайта шөлкемлестириў, орайлық лабораториялар, стерилизация ҳәм диагностика хызметлерин раўажландырыў усыныс етилди. Ургут, Каттақорған ҳәм Пастдарғомда 2030-жылға шекем жәми 1 мың 500 жаңа емлеў орнының жаратылыўы нәзерде тутылмақта.

Жаңа объектлер тек ғана имарат қурыў менен шекленбейтуғыны атап өтилди. Поликлиника ҳәм емлеўханаларды жойбарластырыўда наўқаслардың ҳәрекетин қолайлы шөлкемлестириў, инфекциялық қадағалаў, инклюзив орталық ҳәм ханаларды үскенелеў бойынша бирден-бир талапларды енгизиў усыныс етилди. Емлеўде болса халықаралық усынысларға тийкарланған клиникалық протоколларды миллий шараятқа бейимлестириў, әмелиятқа енгизиў ҳәм нәтийжелерин турақлы баҳалаў нәзерде тутылмақта.

Денсаўлықты сақлаў системасында жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиўге байланыслы қарар жойбары да көрип шығылды. Онда медициналық ҳәм жәрдемши хызметлерди, соның ишинде, гемодиализ, лабораториялық диагностика, диагноз қойыў ҳәм үскенелерге техникалық хызмет көрсетиўди аутсорсинг тийкарында сатып алыў усыныс етилген. Бир жыллық шәртнамалардың орнына бес жылға шекемги бирге ислесиў механизмлерин қолланыў жеке меншик шериклерге үскенелер ҳәм хызметлерге узақ мүддетли инвестиция киргизиў имканиятын береди.

Онда мәмлекетлик медицина мәкемеси хызметти сатып алады, жеке меншик шөлкем болса зәрүр үскенени өз есабынан алып келип, оның ислеўин ҳәм жаңаланыўын тәмийинлейди. Сатып алыўларды шөлкемлестириў ушын бирден-бир тендер ҳүжжетлери ҳәм электрон система енгизиў, айырым мәкемелерди профессионал компанияларға басқарыўға бериў имканиятлары көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы усыныс етилген усынысларды пуқта ислеп шығып, басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизиў бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.