Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшисин Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңеске басшылығы табыслы өтип атырғаны ҳәм оның жетинши саммити жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени менен қызғын қутлықлады.

Усы жылдың август айында Әзербайжан Президентиниң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыў арқалы Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Барлық дәрежелерде нәтийжели байланыслар жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жыл басынан берли өз-ара товар алмасыў көлеми 30 процентке артты. Геология, энергетика, қурылыс, транспорт, логистика, жеңил санаат, туризм ҳәм басқа да тараўлардағы кооперация жойбарлары жедел басқышқа кирди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыўдың илажларға бай бағдарламасы әмелге асырылмақта.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысып, болажақ илажлар режесин додалады.