Ферғана қаласында «Farg‘ona
Expo»
халықаралық көргизбе орайы шөлкемлестирилген болып, оның жумысы ўәлаяттың
экономикалық потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, санаат кооперациясын
раўажландырыў, экспортты хошаметлеў, инвестициялық жумыс ушын қолайлы шараятлар
жаратыўға қаратылған.
Орай тек ғана көргизбе майданы емес, ал исбилерменлер ҳәм
инвесторлар ушын бирден-бир коммуникация платформасы ўазыйпасын да атқарады.
Майданы бес гектар болған комплексте 200 ден аслам өндирис
кәрханасының өнимлерин көрсетиў ушын шараят жаратылған.
8 қабатлы жаңа имараттың дәслепки еки қабаты саўда,
инвестиция ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўды тәмийинлейтуғын шөлкемлерге
ажыратылған. Жоқары қабатлары болса инвесторлар ҳәм бизнес ўәкиллерине офис
жайы сыпатында бериледи.
Орайда бир жыл даўамында 15 тармақ бағдарында
көргизбе-ярмаркалар турақлы жумыс алып барады. Бул жерде мәмлекетлик уйымлар,
ислеп шығарыўшылар, экспортшылар ҳәм инвесторлар бир майданда бирге ислесиў ҳәм
әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў имканиятына ийе болады.
Ферғана тәжирийбесиниң нәтийжелилигин есапқа алып, бундай
заманагөй көргизбе комплекслерин Ташкент қаласында, Бухара, Жиззақ ҳәм
Самарқанд ўәлаятларында да шөлкемлестириў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаяттың санаат ҳәм хызмет көрсетиў
потенциалын сәўлелендиретуғын экспозициялар менен танысты. Машина қурылысы,
электротехника, зергерлик, былғары аяқ-кийим, өнерментшилик, медицина,
фармацевтика сыяқлы тармақлардың өнимлери көрсетилген.
Сондай-ақ, регион ушын стратегиялық әҳмийетке ийе ири
инвестициялық жойбарлардың презентациясы өткерилди. Президентимиз инвесторлар
менен сөйлести.