Бүгин Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң
Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президенти Халық
қабыллаўханасы баслығы Ф.Омонов қатнасты.
Мәжилисте дәслеп, шөлкемлестириў мәселеси көрип
шығылды.
Аллабергенова Нилуфар Реимбаевна – Өзбекстан
Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы
баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды.
Н.Аллабергенова тайынлаўға шекем Қарақалпақстан
Республикасы Прокурорының жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме
бойынша аға жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген.
Мәжилис даўамында халықты қыйнап киятырған машқалалар
ҳәм пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў бағдарында әмелге асырылып атырған
жумыслар көрип шығылды.