Гәп тек ғана тәбиятты сақлаў, ресурсларды сақлап қалып, келешек әўладқа жеткериў ҳаққында болып атырған жоқ. Бүгин экологиялық турақлылық түсиниги биз ойлағанымыздан да бираз кеңейген ҳәм ол тиккелей экономикалық раўажланыў менен байланыслы болмақта. Кейинги жылларда көпшилик мәмлекетлер өзиниң раўажланыў моделин әйне "жасыл" экономика принциплерине өтиўде көрмекте. "Жасыл" энергетиканы раўажландырыў болса бул бағдарда ең белсенди бағдарлардан бири.
Жақында
бир танысым "экологиялық таза, "жасыл" электр энергиясы өзи не
дегени? Бул үйлеримизде жанып турған шырақлардың инсан саламатлығы ушын зыянлы
емес екенлигин аңлатады ма?" деп сораў берип қалды. Бир қарағанда сораў
бираз әдеттегидей емес. Бирақ логикалық жақтан жан бар. Гәп сонда, "жасыл"
энергетика - қоршаған орталыққа зыян жеткермейтуғын, зыянлы газ шығындыларын
пайда етпейтуғын, қайта тикленетуғын тәбийғый дәреклер, атап айтқанда, қуяш,
самал, суў, жер асты ыссылығынан алынатуғын энергия түри. Яғный тәбият инам
еткен тәбийий дереклер есабынан электр энергиясы ислеп шығарылады. Онда
дәстүрий газ, көмир, нефть жанылғы түрлеринен пайдаланылмағаны себепли,
қоршаған орталық ҳәм инсанлардың саламатлығы ушын зыянсыз болып есапланады.
Айтайық, сол танысымның үйинде қуяш панели орнатылған ҳәм үйин жақтыландырып
атырған лампа қуяш нурларынан алынбақта. Демек, бул шырақлар шынында да усы үй ийелериниң
денсаўлығы ушын зыянлы емес.
"Жасыл"
энергетиканың экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеўден тысқары, үнемлилик,
экономикалық турақлылықты арттырыўдағы үлеси де жоқары. Бул түрдеги электр
энергиясын үзликсиз ислеп шығарыў имканияты экономика тармақларының турақлы
ислеўин, раўажланып барыўын күшейтеди. Себеби тәбийий дереклер резерви
қашанлардур таўсылыўы ямаса мәмлекетлердиң экономикалық турақлылығы мине усы
резервлер көлемине байланыслы болып қалыўы мүмкин. Альтернатив энергия
дәреклери болса бул бағдардағы шеклеўлерди сапластырады. Тек оннан дурыс ҳәм
нәтийжели пайдаланылса, болғаны. Сонлықтан, елимизде "жасыл" энергетика
экономикалық турақлылық ҳәм экологиялық тазалықты тәмийинлеўде тийкарғы
бағдарлардан бирине айланды.
Бул
анықлама бираз әпиўайы болды, деп ойлайман. Себеби Өзбекстан кейинги жыллары
"жасыл" экономикаға жедел өтип бармақта. Қысқа мүддетте мәмлекетимиз
қуяш ҳәм самал электр станцияларын иске қосыў бойынша жетекши мәмлекетлердиң
қатарына кириў менен бирге өз тәжирийбесин жаратыўға еристи. Бүгин елимизде
қуяш ҳәм самал электр станцияларының қуўатлылығы 5,5 гигаваттан артып, таза
энергияның улыўма энергетика балансындағы үлеси 30 проценттен артты.
2030-жылға
барып Өзбекстанда ислеп шығарылатуғын электр энергиясының 54 проценти қайта
тикленетуғын энергия дәреклериниң үлесине туўра келиўи режелестирилген. Бул
мақсет жаңа қуўатлықларды иске қосыў, газ ҳәм басқа да зыянлы жанылғы
түрлеринен пайдаланбаған ҳалда "жасыл" энергетика ислеп шығарыў
көлемин арттырыў есабынан ерисиледи. Энергетика министрлигиниң мағлыўматына
бола, өткен жылы елимизде 2016-жылға салыстырғанда 46 процент көп электр
энергиясы ислеп шығарылып, тутыныўшыларға 71 миллиард киловатт саат электр
энергиясы жеткерип берилген.
Усы
жылдың 13-май күни болса елимиздеги қуяш ҳәм самал электр станцияларында
суткалық өндирис бойынша жаңа рекорд орнатылды. Бир суткада 62,4 миллион
киловатт саат "жасыл" энергия ислеп шығарылып, алдынғы рекордтан 20
процент көп нәтийже атап өтилди. Усы жылы 14-май күни бул бағдарда және бир
жоқары көрсеткиш жәрияланды - Өзбекстандағы қуяш ҳәм самал станциялары
тәрепинен 2026-жылдың басынан берли ислеп шығарылған электр энергиясының көлеми
4 миллиард киловатт саатқа жетти. Бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда
29 процентке көп болып, усы қуўатлылық есабынан 1 миллиард 66 миллион куб метр
тәбийғый газ үнемлениўине ерисилген ҳәм атмосфераға 2,3 миллион тонна зыянлы
заттың шығыўының алды алынған.
Онлаған қуяш
ҳәм самал электр станциялары
Бул
санлардың артында онлаған жаңа электр станциялары ҳәм қуўатлықларының
жаратылыўы, ең алдынғы технологиялар, исенимли тәмийнат ҳәм беккем
инфраструктура, инвестициялар ушын ашық-айдынлық, инвесторлардың исеними,
мыңлаған жаңа жумыс орынлары ҳәм, әлбетте, экономика ҳәм халықтың абаданлығы
тур. Буннан тоғыз жыл алдын "жасыл" энергетика бағдарында дерлик
тәжирийбеси болмаған Өзбекстан ушын бул үлкен нәтийже, революциялық өзгерис,
деп айтыў мүмкин.
Мәмлекетимизде
қуяш ямаса самалдан электр энергиясын алыў былай турсын, буның ушын зәрүр
станциялар қурыўдың өзи ақылға уғрас келмейтуғын ис сыяқлы еди.
"Жасыл" энергетикаға өтиў жолындағы реформалар 2019-жылдан кейин ғана
басланды. Бул елимизде қуяш ҳәм самал энергиясының потенциалынан электрге
болған талапты қанаатландырыўда пайдаланыўға қаратылған анық мақсеттиң
басланыўы еди. Оған шекем тек ғана қуяшлы үлкеде жасайтуғынымыз, бул
дийқаншылықта қол келетуғыны ҳаққында толқынланып сөйлейтуғын едик. Бүгин болса
дүнья жәмийетшилиги Өзбекстанның "жасыл" экономикаға өтиў
имканиятлары ҳәм ҳәрекетлери ҳаққында айтып атыр, ири жойбарларды үлкен
қызығыўшылық пенен бақламақта.
Дерлик
барлық ўәлаятта заманагөй қуяш ҳәм самал электр станциялары қурылмақта. Егер
жыллар кесиминде алсақ, жойбарлардың саны да, көлеми де артып атырғанын
көремиз. Атап айтқанда, 2021-жыл августта Наўайы ўәлаятының Кармана районында
Өзбекстандағы биринши 100 мегаватт қуўатлылықтағы ири қуяш фотоэлектр станциясы
иске қосылған еди. 2022-жыл май айында Самарқанд ўәлаяты Нурабад районында 100
мегаватт қуўатлылықтағы екинши қуяш фотоэлектр станциясы жумыс баслады.
2023-жыл да тармақта бираз берекетли болды. Жиззақ
ўәлаятының Ғәллеарал районында 220 мегаватт, Бухара ўәлаятының Қараўылбазар
районында 200 мегаватт, Қашқадәрья ўәлаятының Нишон районында 200 мегаватт,
Сурхандәрья ўәлаятының Шерабад районында 457 мегаватт қуўатлылықтағы қуяш фотоэлектр
станциялары иске қосылды. 2024-жылы усы жойбарлардың қосымша жаңа қуўатлықлары
да жолға қойылды.
Улыўма, өткен жыллары 40 тан аслам "жасыл" электр
станциясын қурыў бойынша инвесторлар менен келисимге қол қойылған болып,
бүгинги күнге шекем улыўма 5582 мегаватт қуўатлық иске қосылды. Бул жойбарлар дүнья
"жасыл" энергетика майданының гигантлары менен әмелге асырылып
атырғаны және де әҳмийетли. Саудия Арабстанының “ACWA”, “Masdar”, “Tepelen
Group AG” ҳәм “AMEA Power”, Францияның “Total Eren”, “Voltalia”, Қытайдың “Gezhouba
Overseas Investment Group”, “China Datang Overseas Investment” ҳәм “Universal
Energy”, Германияның “Hyper Partners” компаниялары тәрепинен басланған ири
жойбарлар бүгинги күнге шекем жедел даўам еттирилмекте.
Бирге
ислесиўшилер — дүнья энергетика
тараўының гигантлары
Ҳәр
жылы халықаралық "Энергетика ҳәптелиги" шеңберинде мине усындай ири,
абырайлы компаниялардың ўәкиллериниң елимизге келип, жаңа жойбарларға старт
бериўи де дәстүрге айланды.
Быйылғы
ҳәптелик шеңберинде буған және бир мәрте гүўа болдық. Пайтахтымыздағы CAEx көргизбелер
майданында 12-14-май күнлери болып өткен гезектеги "Өзбекстан энергетика
ҳәптелиги - 2026" илажларында 34 мәмлекеттен келген 1800 ден аслам
делегат, 18 мыңнан аслам жергиликли ҳәм сырт ел ўәкиллери қатнасты. Илажлар күн
тәртибиндеги мәселелерден бири "жасыл" энергетиканы раўажландырыўға
қаратылған болып, сырт елли мийманлар Өзбекстанда бул бағдардағы реформаларды
жоқары баҳалады.
Әдетте,
ҳәптелик илажлары бийкарға өтпейди, жаңа келисимлер, шәртнамаларға тийкар
болады. Бул рет көлем және де кеңейди. Энергетика ҳәптелигиниң дәслепки
күнлеринен-ақ бир қатар жойбарларға старт берилип, жаңа қуўатлықлар иске
қосылды. Атап айтқанда, Өзбекстан Энергетика министрлиги ҳәм БАӘниң белгили “AMEA
Power” компаниясы менен биргеликте Ташкент қаласының Мырза Улығбек районында
баҳасы 86,1 миллион доллар болған 150 мегаватт қуўатлықтағы энергия сақлаў
системасының қурылысы басланды.
-
Бул компания басқа да жойбарларды қаржыландырмақта, - деди Энергетика
министрлиги жойбарлаў офисиниң басшысы Фазлиддин Шарофиддинов. - Атап айтқанда,
Қарақалпақстанның Қоңырат районында баҳасы 1,06 миллиард доллар болған 1000 мегаватт
қуўатлылықтағы самал электр станциясы ҳәм 40 километр узынлықтағы электр узатыў
тармағын қурыў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбарлардың ҳәр бири үлкен көлемге ийе.
Тийкарғысы, олар елимиздиң энергетика инфраструктурасын буннан былай да
беккемлеў, қайта тиклениўши энергия дәреклерин кеңейтиў ҳәм энергия
тәмийнатының турақлылығын арттырыўға хызмет етеди.
Францияның
“Voltalia” компаниясы менен биргеликтеги жойбарлар да бираз жеделлеспекте.
Жақында олардың арасына жаңалары қосылады. Энергетика ҳәптелиги шеңберинде
компания ўәкиллери менен режедеги жойбарлар додаланды. Олардың арасында Бухара
ўәлаятында қуўатлылығы 100 мегаватт болған самал электр станциясы, 100 ҳәм 200
мегаватт саат энергия сақлаў системасын қурыў, усы жылдың июль айында Ташкент
ўәлаятында қуўатлылығы 500 киловатт болған агроволтаика қуяш электр станциясын
иске қосыў жойбарлары бар.
Жаңа
тарифлер: ким қанша төлейди?
"Жасыл"
энергетиканың және бир абзаллығы тутыныў қәрежетлерин азайтыўда. Мәселен, үйине
қуяш панели орнатылған шаңарақтың электр энергиясы ушын төлеми электр
энергиясын улыўмалық тармақтан алатуғын шаңараққа салыстырғанда бир қанша арзан
түседи. Талаптан артқан электр энергиясын мәмлекетке сатыў да мүмкин.
Бул
әмелият Өзбекстан тарийхында биринши мәрте 2021-жылдан басланды. Ҳәзир халықтың
үйинде орнатылған қуяш панеллери арқалы ислеп шығарылған электр энергиясының
ҳәр бир киловатын мәмлекет 1000 сумнан сатып алады. Мағлыўматларға бола, өткен
жылы қуяш панеллерин орнатқан 45 мың 381 физикалық тәреп мәмлекетке 209
миллиард 201 миллион сумлық электр энергиясын сатқан.
Бул
шаңарақлар ушын қосымша дәрамат дәреги де болып есапланады. Бирақ мәселениң
тийкарғы тәрепи электр энергиясы ушын төлем қәрежетиниң азайыўында. Кем
тәмийинленген шаңарақларға мәмлекет тәрепинен жеңиллетилген шәртлерде қуяш
панеллери орнатып берилип атырғаны соннан.
Энергетика
тараўында базар экономикасына өткенине көп ўақыт болмады. Бирақ әллеқашан
электр баҳасы тиккелей өндирис қәрежети, талап ҳәм усыныс, жәҳән базарындағы
баҳаға қарап белгилениўи, тутыныўға сәйкес төлем шәртлерине бейимлестирилди.
Усы
жыл 1-июньнен елимизде енгизилип атырған электр энергиясы ҳәм тәбийғый газдиң
жаңа тарифлеринде де усы мәселелер нәзерде тутылмақта. Ҳүкиметтиң тийисли
қарары менен I, II ҳәм IV топар тутыныўшылары ушын электр энергиясының 1
киловатт сааты 1100 сум етип белгиленди. III топар, соның ишинде, халық ушын
болса дифференциялластырылған тарифлер сақлап қалынды.
Енди
аўқат таярлаў ушын орайласқан ҳалда электр плиталары менен үскенеленген көп
квартиралы турақ жайлар ҳәм жатақханаларда жасаўшы халық айына 200 киловатт
саатқа шекем 325 сум, 201 киловатт сааттан 500 киловатт саатқа шекем 450 сум,
501 киловатт сааттан 1000 киловатт саатқа шекем 550 сум төлейди. Қалған
турмыслық тутыныўшылар ушын болса тарифлер басқаша - айына 200 киловатт саатқа
шекем 650 сум, 201 киловатт сааттан 500 киловатт саатқа шекем 900 сум, 501
киловатт сааттан 1000 киловатт саатқа шекем 1100 сум болады.
Тутыныў
артқан сайын төлем муғдары да артып барады. Жәҳән әмелиятында да сондай. Гәп
тек ғана төлем механизминде емес, дүнья бойынша электр энергиясының баҳасы да
сезилерли дәрежеде артып бармақта. Мағлыўматларға қарағанда, соңғы он жыллықта
жәҳән энергетика системасы ең аўыр дәўирлерден бирин басынан өткермекте.
Әсиресе, жәҳән энергетикасындағы жағдай 2021-2022-жыллардағы энергетика
кризисинен соң кескин төменлеген. Европада газ баҳасы тарийхый ең жоқары
көрсеткишлерге жетти. Айырым мәмлекетлерде болса электр энергиясының баҳасы бир
неше есеге артқан. Бул Өзбекстаннан узақтағы мәмлекетлердиң ишки машқаласы
емес, ал пүткил дүньяны байланыстырып турған глобал шынжыр болып есапланады.
Бул процесс ақырында ҳәр бир өзбек шаңарағындағы электр ҳәм газ қәрежетлеринде
де сезилмей қалмайды.
Қыйын
жағдайға қарамастан, елимизде әне усы мәселеде кем тәмийинленген шаңарақларды
қоллап-қуўатлаў механизми жолға қойылған. Атап айтқанда, Президентимиздиң
тийисли қарарларына тийкарланып жәрдемге мүтәж шаңарақларға жыл даўамында
жумсалған электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын мәмлекет тәрепинен ҳәр айда компенсация
бериледи. Бул да социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға қосымша жәрдем болмақта.
Электр
энергиясының баҳасы артып баратырған шараятта адамлардың өзи де альтернатив
энергия дәреклерине өтиў бир қанша нәтийжели екенин түсинбекте. Ҳәзир көплеген
кәрхана, мәмлекетлик шөлкемлер, халықтың турақ жайларының төбесинде қуяш
панельлерине көзимиз түседи. Жақын жылларда олардың саны және де артыўы сөзсиз.
Ирода
ТОШМАТОВА,
“Янги
Ўзбекистон” хабаршысы