Низамий атындағы Өзбекстан миллий педагогикалық университети шөлкемлестириледи

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Педагог кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Пәрманы (ПП-73-санлы, 28.04.2025 ж.) қабыл етилди.

    Пәрманға бола:

    • Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети негизинде Низамий атындағы Өзбекстан миллий педагогикалық университети шөлкемлестириледи;
    • Университет республикада педагог кадрлар таярлаў бойынша жетекши жоқары билимлендириў шөлкеми етип белгиленди.

    2025/2026-оқыў жылынан:

    • Университеттиң басқарыў системасы “Янги Ўзбекистон” университети тәжирийбеси тийкарында түп-тийкарынан жетилистириледи;
    • Университеттиң бар болған 14 факультети оптималластырылып, 6 педагогикалық жоқары мектеплери шөлкемлестириледи;
    • академиялық жумыс санластырылған басқарыў системасы (Learning management system) арқалы жолға қойылады ҳәм "Жоқары билимлендириў процесслерин басқарыў" (HEMIS) мәлимлеме системасы менен интеграцияланады;
    • Университеттиң бакалавриат тәлим бағдарларына 1-курстан халықаралық билимлендириў системалары басқышпа-басқыш енгизиледи.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates