Хызмет сапарының дәслепки күнинде район ҳәкими З.Зайтов Ақсу районы губернаторы Адил Айлы менен бирге ислесиў бойынша өз-ара сөйлесиўлер өткерди. Ушырасыў даўамында еки аймақ арасында социаллық-экономикалық бирге ислесиўди күшейтиў, саўда байланысларын раўажландырыў ҳәм аўыл хожалығы тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, Аксу округи губернаторының орынбасары Абладжан Тохтының қатнасыўында форум шөлкемлестирилди. Форум даўамында В2В форматында ушырасыўлар өткерилип, Нөкис районы ҳәм Ақсу округи арасында социаллық-экономикалық байланысларды беккемлеў, мәденият, билимлендириў, медицина ҳәм аўыл хожалығы бағдарларында бирге ислесиў ҳаққында меморандумға қол қойылды.
Форумнан соң, делегация ағзалары Аксу округиниң дыққатқа ылайық орынларынан бири – Кўк Я музейи ҳәм Каньон Онсу естеликлерине барды. Кейинги күнлерде мәденият, билимлендириў, медицина, өндирис ҳәм аўыл хожалығы тараўларында алып барылып атырған жумыслар менен танысыў режелестирилген. Сондай-ақ, еки аймақ арасында туризмди раўажландырыў ҳәм инвестицияларды тартыў бағдарында бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери де додаланады.
Бул хызмет сапары Нөкис районы ҳәм Аксу округи арасындағы қатнасықларды жаңа басқышқа алып шығыўы күтилмекте.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.