Нөкисте 2 ҳәкимшилик орай шөлкемлестириледи

    18 желтоқсан 2024 10

    Қарақалпақстан Республикасыныӊ Нөкис қаласында еки Ҳәкимшилик орай шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында усы жылдыӊ 13-декабрь күни қабыл етилген Министрлер Кабинетиниӊ «Нөкис қаласыныӊ бас режесин тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарында сөз етиледи.

    Ҳүжжетке бола, Нөкис қаласын комплексли раўажландырыў, қурылыс жумысларын режелестириў, олардыӊ сапасы ҳәм дәрежесин арттырыў, қаланыӊ ҳәкимшилик-режелестириў көринисин ҳәм инфраструктурасын және де жақсылаў мақсет етилген. Қарар менен қаланыӊ бас режеси жойбарыныӊ тийкарғы шешимлери ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлери тастыйықланбақта. 2040-жылға шекем Нөкис қаласы Нөкис районы аймағы есабынан 876 гектарға кеӊейиўи нәзерде тутылған. Буннан тысқары, халықтыӊ саны 312,4 мыӊнан 400 мыӊ адамға көбейеди, қаланыӊ майданы 13,4 мыӊ гектарға жетеди. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниӊ саны еки есеге көбейеди ҳәм 20,8 мыӊды қурайды, емлеўханалардағы орынлар 3,3 мыӊнан 9,8 мыӊға шекем артады. Турмыслық хызмет көрсетиў кәрханалары 437ден 2,8 мыӊ жумыс орынларына көбейеди. Магистраль көшелердиӊ улыўма узынлығы 278 километрди қурайды (ҳәзирги ўақытта 90 километр).

    Жаӊа бас режеге муўапық, қалада еки ҳәкимшилик орай шөлкемлестириледи. Биринши ҳәкимшилик орай – қаланыӊ бүгинги күндеги ҳәкимшилик орайы есапланып, Ислам Каримов, Әмир Темур ҳәм М.Жуманазаров көшелериниӊ кесилиспеси болып есапланады. Бул орай сақлап қалынады. Онда жайласқан Савицкий музейи, Еслеў майданы, мийманханалар, ІТ-парк, дем алыў бағы ҳәм басқа ҳәкимшилик ҳәм хожалық имаратларын қурыў ҳәм қайта оӊлаў, ески имарат ҳәм объектлердиӊ орнына жаӊа ҳәм заманагөй көп қабатлы имаратларды жайластырыў усынысы киргизилген.

    Аз қабатлы турақ жайлардыӊ орнына көп қабатлы заманагөй турақ жай массивлерин жайластырыў режелестирилген. Е.Алакөз, М.Жуманазаров, А.Досназаров көшелериниӊ бойында көп қабатлы турақ жайларды жайластырыў белгиленген. Бас режеде усы турақ жайлардыӊ биринши қабатларында халыққа социаллық хызмет көрсетиў объектлерин жайластырыў усыныс етиледи.

    Пиядалар жоллары, дем алыў майданшалары, жасыл майданларды шөлкемлестириў, бирден-бир система арқалы байланыстырыў ҳәм халыққа қолайлы шараят жаратыў режелестирилген. Қаланыӊ бар ҳәм қосылып атырған аймақларынан ақылға уғрас пайдаланыў, ҳәр бир массивтиӊ ҳәкимшилик орайларында заманагөй имаратларды Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласыныӊ өзине тән архитектуралық-мәдений усылын инабатқа алынған ҳалда, халықтыӊ турмыс тәризин қолайластырыў арқалы халықты жаӊа жумыс орынлары менен тәмийинлеўге ерисиледи.

    Екинши ҳәкимшилик орай – қаланыӊ қубла-батыс бөлегиндеги Нөкис районына шығатуғын көшелер ҳәм жойбарлық көшелер кислиспесинде жайластырылады. Nukus city’диӊ усы орайлары киши ҳәм орта бизнести, банк филиаллары, турақ жай ҳәм джәмийетлик имаратлардыӊ бизнести басқарыў менен байланыслы объектлерди бирлестиреди ҳәм 7 қабаттан 16 қабатқа шекемги объектлер қурылады.

    Ҳәр бир шөлкемлестирилген турақ жай массиви (мәҳәлле, киши район) халыққа хызметлер көрсетиў комплекси менен тәмийинленген. Ҳәр бир киши районда хызмет көрсетиў нормалары ҳәм онда жасайтуғын халықтыӊ санын есапқа алған ҳалда мектеплер, балалар бақшалары, мәҳәлле гүзарлары, киши майданшалар, жасыл майданлар ҳәм парклер шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

    Ҳәкимшилик ҳәм аймақлық орайларға алып баратуғын жоллар бойларындағы имаратлардыӊ орнына заманагөй жойбарлар тийкарында басқышпа-басқыш қайта қурыў жумыслары әмелге асырылады ҳәм нәтийжеде қаланыӊ көриниси және де жақсыланып, көшелер абат болыўы ҳәм халық ушын қолайлы шараятлар жаратыўға ерисиледи.

    Турақ жай аймақлары. Нөкис қаласыныӊ жойбарлық шегарасы арқада Нөкис районы ҳәм «Дослық» каналы аӊғары бойлап, шығыста киши айланба жолына шекем, батыста Әмиўдәрьяға шекем ҳәм қубла тәрептен санаат аймақларына шекем белгиленген. Шығыс ҳәм қубла бағдарлар қумлар менен қапланғаны себепли жаӊа турақ жай массивлери тийкарынан арқа-батыс тәрепте жайласады. Қалаға қосылып атырған аймақлар 876,0 гектар, есабат дәўиринде бул көрсеткиш 13 383,0 гектарға жетеди. Көшелерде транспорт қатнаўын жақсылаў ушын кеӊейтиў, көше бойындағы жеке тәртиптеги турақ жайлардыӊ орнына реновация бағдарламасы шеӊберинде заманагөй ҳәм көп қабатлы турақ жай массивлери жайластырылады.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates