Нөкисте атлылар парады өткерилди

    7 мамыр 2025 97

    «9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен Нөкис қаласында Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының атлы кавалериясы ҳәм Қарақалпақстан шабандозлар мектеби тәрбияланыўшыларының қатнасыўында атлылар парады өткерилди.

    Салтанатлы парадты тамашалаўға республикамыз жаслары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

    -Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-августтағы 5211-санлы қарары тийкарында елимиздиң басқа аймақларында болғаны сыяқлы, бизиң республикамызда да ат спорты раўажланып бармақта,-дейди Қарақалпақстан шабандозлар мектебиниң директоры Ринат Жолдасов.- Атап айтқанда, 2022-жылы Нөкис қаласында Қарақалпақстан шабандозлар мектеби шөлкемлестирилип, онда ҳәзирги ўақытта 66 жас өспирим тәрбияланбақта. Оларға 2 тәжирийбели тренер тәлим-тәрбия бермекте. Олар мәмлекетимизде өткерилип киятырған ҳәр қыйлы жарысларда қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп келмекте. Соның ишинде атап айтатуғын болсақ, 2024-жылдың декабрь айында Наманган ўәлаятында ылақ-көкпары спорты бойынша өткерилген Өзбекстан кубогинде гүмис медальды қолға киргизди. Командамыз ағзаларынан Атабек Базарбаев ҳәм Оразан Жумабаевлар мәмлекетимиз сайланды командасы қурамына қабылланып, олар усы жылдың март айында өткерилген халықаралық турнирде 1-2-орынларды ийелеўге еристи. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 3-марттағы «Улыўмахалықлық байрамлар ҳәм сейиллер шеңберинде атлылар қатнасыўында парадларды өткериўге таярлық көриў ҳәм жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында»ғы мәжилис протоколында улыўмахалықлық байрамлар ҳәм сейиллерде атлылар парадын өткериў белгиленген еди. Усы тапсырманы орынлаў мақсетинде, бүгинги байрамда мектебимиз тәрбияланыўшылары Миллий гвардияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасының атлы кавалериясы менен биргеликте атлылар парадына қатнасты ҳәм өзлериниң шеберликлерин көрсетти. Бизлер буннан оғада қуўанышлымыз ҳәм алдағы ўақытлары да халқымызға өз өнерлеримизди көрсете беремиз.

    Атлылар парадын тамашалаўға келген қатнасыўшылар «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен «Ҳәсиретли ана» естелигине де ҳүрмет көрсетип зыяратлады.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    June 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates