Онда Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Х.Умарова видео байланыс арқалы қатнасты. Ушырасыўда министрликтиӊ "Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы 46-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары болған улыўма билим бериў мектебинде Президент мектеплериниң тәжирийбесин енгизиў ҳаққында"ғы 306-санлы буйрығы тийкарында Өзбекстанда биринши мәрте Қарақалпақстандағы мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектеплеринде халықаралық «Кембридж» оқыў бағдарламасы тийкарында оқытыў системасы енгизилетуғын классларды ашыў мәселелери талқыланды.
Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги делегациясы Англия мәмлекетинде хызмет сапарында болып, еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Кембридж оқыў бағдарламасының меморандумына қол қойылды.
Бүгин 46-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын класслары болған улиўма билим бериў мектебинде (Прогресc) Кембридж оқыў бағдарламасы тийкарында оқытыў системасы енгизилетуғын класслары ашылып, дәслепке сабақлар басланды.