Нодирбек Абдусатторов - London Chess Classic турнири чемпионы!

    Спорт 5 желтоқсан 2025 158

    Елимиз мақтанышы Нодирбек Абдусатторов London Chess Classic турниринде избе-из 6 партияда жеңиске еристи. Ол исенимли түрде алда барып, ең жақын қарсыласларынан 2 очкоға алдында болды ҳәм турнир даўамында жарқын, исенимли ойын көрсетти.

    Жуўмақлаўшы турда Алиреза Фирузжи менен теңбе-тең түсиў оны мүддетинен алдын - жарыс жуўмақланыўына бир тур қалғанда чемпионға айландырды.

    Бәрекелла, Нәдирбек! Өзбекстан жасларының қәбилети ҳәм потенциалы және бир мәрте пүткил дүньяға көрсетилди.