Турнирде дүньяның жетекши шахмачтшылары қатарында Өзбекстан ўәкиллери де мүнәсип қатнасты. Онда Магнус Карлсен, Фабиано Каруана, Нодирбек Абдусатторов, Жавоҳир Синдаров сыяқлы рейтинги жоқары гроссмейстерлер сыйлы орынлар ушын гүрес алып барды. Улыўма сыйлық қоры 300 мың АҚШ долларын қурап, бул Freestyle форматындағы жарыслардың әҳмийети артып баратырғанынан дәрек береди.
Үшинши орын ушын болып өткен беллесиўде Нодирбек Абдусатторов германиялы гроссмейстер Винсент Кеймерди 2,5:1,5 есабында исенимли жеңип, бронза медалын қолға киргизди. Және бир әҳмийетли тәрепи, Абдусатторов 2027-жылы өткерилетуғын гезектеги жәҳән чемпионатына туўрыдан-туўры жоллама алды.
Жавоҳир Синдаров 7-орын ушын беллесиўде гроссмейстер Левон Аронианға қарсы гүрес алып барды ҳәм турнирди 8-орын менен жуўмақлады.
Жарыс жуўмағында Нодирбек Абдусатторов 40 мың АҚШ доллары, Жавоҳир Синдаров 10 мың АҚШ доллары муғдарындағы сыйлыққа ийе болды.