Қарарға бола, 2025-жыл 1-марттан баслап тәжирийбе-сынақ түринде Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Самарқанд, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында, 2025-жыл 1-октябрьге шекем республиканың қалған аймақларында 3 жастан 18 жасқа шекемги майыплығы болған балалар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызмети жолға қойылады.
Онда майыплығы болған балалар күндизги күтим хызметине олардың ата-аналары менен "Инсан" социаллық хызметлер орайлары арасында дүзилген социаллық шәртнама тийкарында ҳәм де Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссия тәрепинен белгиленген тәртипте берилген жуўмаққа муўапық қабыл етиледи.
2025-жыл 1-марттан күндизги тәрбиялаў хызметине байланыслы жумысты әмелге асырыўшы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби енгизиледи:
- күндизги күтим хызметинен пайдаланылған бир күн ушын 3 жастан 7 жасқа шекемги ҳәр бир балаға базалық есаплаў муғдарының 25 проценти муғдарында ҳәм 7 жастан 18 жасқа шекемги ҳәр бир балаға - 27 проценти муғдарында субсидия ажыратылады;
- Онда ўәлаятлар орайлары, Ташкент ҳәм Нөкис қалалары ушын субсидия муғдары 1,1 көбейтиўши коеффициентти қолланыў арқалы анықланады.
Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың майыплығы болған ҳәр бир баласы ушын жоқарыда белгиленген субсидия улыўма муғдарының 30 проценти муғдарында қосымша қаржы төлеп бериледи.