Мәмлекетимиз Конституциясы, халықты социаллық қорғаў стратегиясы тийкарында инсанды қәдирлеў көлеми кеңейди, бул тараўдағы хызметлер мүтәжлерге жақынластырылмақта. Бул бағдардағы жумыслардың даўамы сыпатында усы жыл 27-февральда "Майыплығы болған балаларға социаллық хызмет ҳәм жәрдем көрсетиў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында" Президент қарары қабыл етилди. Оның орынланыўы шеңберинде биринши мәрте Әндижанда "Имканиятлар әлеми" аймақлық социаллық хызметлер орайы иске қосылды.
Дерлик 5 гектар майданға ийе мәкемеде администрация, белсендилер залы, инклюзив билимлендириў ҳәм кәсипке үйретиў имаратлары, балалар майданшасы, спорт комплекси ҳәм жүзиў бассейни бар.
Бул жерде майыплығы болған балалар, өзгелердиң күтимине мүтәж шахсларға қатнаў тийкарында социаллық хызметлер көрсетиледи. Соның ишинде, социаллық ҳәм медициналық реабилитация хызмети, кәсипке бағдарлаў, шет тиллерин оқытыў хызметлери және кәмбағал шаңарақлардың балалары ушын қосымша билимлендириў хызметлери жолға қойылған.
Орайда 60 тан аслам хызметкер жумыс алып барады. Социаллық қорғаўға мүтәжлерди анықлаў ҳәм бул жерге бағдарлаў "Инсан" орайлары тәрепинен әмелге асырылады.
Президент елимизде биринши мәрте шөлкемлестирилген ерте араласыў хызмети менен танысты. Бул бөлим нәрестеликтен үш жасқа шекемги балаларды күтиўге қәнигелескен. Усы ўақытқа шекем бундай жастағы балалар тек ғана ата-анасы қарамағында болған. Арнаўлы бақшаларға болса тек ғана 3 жастан кейин қабыл етилген. Енди ҳәмиледарлық ўақтында майыплық қәўпи анықланса, аналарға усы имаратта хызмет көрсетиледи. Бул олардың перзентлерине болған итибарын беккемлеўге жәрдем береди. Сондай-ақ, олар ушын психологиялық мәсләҳәтлер бериледи.
Президентимиз орайдағы қосымша билимлендириў хызметине мөлшерленген имараттағы шараятлар менен танысты. Ол жерде майыплығы болған балалардың мектептен тысқары сабақ өтиўи, билим алыўы, интернеттен пайдаланыўы ушын имканиятлар жаратылған. Буннан тысқары, кәмбағаллық реестриндеги шаңарақлардың перзентлери де келип, инглис, рус, корейс ҳәм басқа да тиллерди үйрениўи мүмкин.
Әндижан ўәлаятында жылдың өткен дәўиринде 10 мыңға шамалас кәмбағал шаңарақлардың перзентлери бақшаларға жайластырылды, дерлик 29 мыңына медициналық жәрдем көрсетилди, 20 мыңы социаллық хызметлер менен қамтып алынды. Бул болса олардың "аяққа турып", жумыс пенен бәнт болыўына жәрдем береди.
Орайда күндизги тәрбия хызмети де жолға қойылған. Бул жерде майыплығы болған инсанлар физикалық ҳәм ақылый шынығыўлар менен шуғылланады. Оларға социаллық хызметкерлер қараўы нәтийжесинде шаңарағындағылардың "қолы босап", ислеўи мүмкин болады.
Бул бөлимде тәрбияланып атырған пуқаралар бундай ғамхорлық себепли өмирге қайтқанын айтып, мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.
- Бул итибардың тийкарында сизиң денсаўлығыңыз, жақынларыңыздың дәрти ҳәм тәшўишлери бар. Кеўлиңиз ашылып, өмирге үмит оянғанын көрип, қуўандым. Бундай ғамхорлықты және де кеңейтип барамыз. Сизлерден тек ғана сабыр-тақат, исеним ҳәм ҳәрекет керек, - деди Шавкат Мирзиёев.
Социаллық хызметлер орайында спорт комплекси де бар. Онда майыплығы болған балалар ушын мөлшерленген денетәрбия бөлмеси, суў бассейни шөлкемлестирилген. Итибарлы тәрепи, шынығыў үскенелери АҚШ ҳәм басқа да сырт еллерден алып келинген болып, адаптив спортқа мөлшерленген. Суў бассейни де балалардың жасына сәйкес айрықша қолайлықларға ийе.
Мәмлекетимиз басшысы имканияты шекленген балаларды саламатландырыў, үлкен жастағы инсанларды өзине сай өнер ҳәм шынығыўларға тартыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.