Пенсияны қайта есаплаўға тийкарлар пайда болғанда шахс тек ғана паспорт пенен Пенсия қорына мүрәжат етиўи мүмкин.
Онда, шахстың мийнет стажы ҳәм мийнет ҳақы ҳаққындағы мағлыўматлар мәлимлеме системаларында бар болса, пенсионерден ҳеш қандай мағлыўмат талап етилмейди.
Белгили себеплерге бола, мағлыўматлар мәлимлеме системаларында жоқ болса, бул ҳаққында пенсионерге мәлим етиледи ҳәм пенсионер соралған мағлыўматларды усыныўы керек болады.