Атап айтқанда, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының мағлыўматына бола, 2025-жылдың басынан өткен алты ай даўамында нызамсыз ийеленген жағдайлардан 1121 жағдай, яғный 52 гектарлық жер майданы өз орнына қайтарылған. Сондай-ақ, 675 жағдайда 39,2 гектар жер майданы бойынша судларға даўа арзалары киргизилген.
Бул ҳаққында Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасында өткерилген баспасөз конференциясында толық мағлыўмат берилди. Онда тараўда 2025-жыл 6 ай даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм Өзбекстан Республикасының 2024-жыл 5-август күнги "Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына және оларда қурылған имарат ҳәм объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында"ғы нызамына муўапық әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында кең түрде айтып өтилди.
Соның менен бир қатарда Қарақалпақстан Республикасында 2025-жылдың өткен 6 айы даўамында Мәмлекетлик кадастрлар палатасы басқармасы ҳәм оның аймақлық филиаллары тәрепинен 31 мың 303 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке кадастр паспорты таярлап берилген. Аймақтағы 49 мың 443 жер участкасы ҳәм көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик дизимнен өткерилген.
Сондай-ақ, ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасында жәми 476 мың 165 кадастр ҳүжжетлери архивлерде сақланбақта. Соннан, 474 мың 152 ҳүжжет электрон форматқа өткерилген.
2025-жылдың 6 айы даўамында исбилерменлик ҳәм қала қурылысы жумысларын әмелге асырыў ушын жәми 2754 жер участкасы бағдарламаға киргизилген. Соннан, 408 жер майданы 29,97 гектар жер участкасы сатыўға қойылып, 90 жер участкасы сатылған.
Жеке тәртипте турақ жай қурыў ҳәм турақ жайды абаданластырыў ушын жер участкаларынан жәми 417 жер участкасы бағдарламаға киргизилген. Соннан 45 жер майданы аукционға қойылған, 28 жер участкасы сатылған.
Баспасөз әнжуманында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға тийисли жуўаплар алды.
Минажатдин Қутлымуратов,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы.









