Ўәлаят ҳәкимлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, Наманган ўәлаятында Нарын дәрьясы ҳәм 5 ири каналға тутас аймақты туристлик орайға айландырыў жумыслары басланды.

Усы жылдың 21-июль күни Наманган ўәлаятының ҳәкими Шавкатжан Абдураззоқов Нарын ГЭСлер каскады аймағындағы жаңа жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Жойбарға бола, каскадтың Уйчи районы аймағындағы 20 гектар жер майданында туристлик сейил етиў орны шөлкемлестирилиўи, көп қабатлы турақ жайлар қурылысы нәзерде тутылған. Атап айтқанда, "Бостан" МПЖ аймағынан ағып өтетуғын Нарын дәрьясының жағалаўларында туризм жойбары әмелге асырылады. Онда спорт майданы, дем алыў орны, шомылыў бассейни, кемпинг зонасы жайласады.

Сондай-ақ, ҳәким исбилерменлер менен сөйлесиў ўақтында жойбарларға өз усынысларын берди ҳәм жеделлик пенен жумысқа кирисиўди атап өтти.

Атап айтқанда, Үшқорған районынан 12 км аралықта Нарын дәрьясы ҳәм 5 ири канал өтиўи, тәбийғый ландшафттың тартымлылығы, тынық ҳәм ашық суў резервлери бул аймақта туризмниң барлық бағдарларын раўажландырыў ушын үлкен имканиятлар жаратып береди.

Ўәлаят ҳәкими 30 гектарлық майданда қурылатуғын туристлик мега-жойбар менен танысты ҳәм қурылыс жумысларына старт берилди.

Жойбар шеңберинде аквапарк, капсула дем алыў ханалары, интерактив аттракционлар, гүллер бағы, амфитеатр, саламатлық жоллары, ресторанлар ҳәм көпирли сейил етиў орны қурылады. 450 ден аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.