Делегациямыздың дәслепки күнде қолға киргизген еки алтын медалы бар.
Сербияда U23 гүрес бойынша жәҳән чемпионаты басланады
Бүгин Сербияның Нови-Сад қаласында спорт гүреслери бойынша 23 жасқа шекемги жаслар арасында жәҳән чемпионаты басланбақта. Турнирде Өзбекстан сайланды командасы ҳәр қыйлы салмақ категорияларында қатнасады. Күн бағдарламасында бес салмақтағы грек-рим гүреси бойынша квалификациялық беллесиўлер өткериледи.
Академиялық ескек есиў бойынша Өзбекстан сайланды командасының 10 медал ы
Вьетнамда академик ескек есиў бойынша Азия чемпионаты жуўмақланды. Өзбекстанлы ескек есиўшилер 4 алтын, 4 гүмис ҳәм 2 бронза медалды қолға киргизди. Жарыс жуўмағында командамыз улыўма командалық есапта тек ғана үй ийесинен кейин екинши орынды ийеледи.
Марокко - жаслар арасында футбол бойынша жәҳән чемпионы (U20)
Чилиде 20 жасқа шекемги футболшылар арасында жәҳән чемпионаты өз жуўмағына жетти. Финалда Марокко ҳәм Аргентина сайланды командалары ушырасты. Кескин беллесиўлерде Марокаш командасы жеңиске еристи. Бронза медалларын Колумбия сайланды командасы қолға киргизди.









